Елимизде даўам етип атырған “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарына қоңыратлылар да белсене қатнасып, қоршаған орталықтың ҳәм атмосфера ҳаўасының тазалығын сақлаўға,экологиялық дағдарыстың қәўпин азайтыўға өзлериниң үлеслерин қоспақта.

Қоңырат районындағы барлық кәрхана ҳәм шөлкемлерде “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарының гүзги терек егиў мәўсими шеңберинде нәл егиў жумыслары даўам етпекте.

Бул ийгиликли иске райондағы барлық аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм белсендилери үлкен үлес қосып, районда шөлкемлестирилген “Мәҳәллелер бағы”на 850 ден аслам мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин отырғызды.




Шынында да, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў мәўсимлик жумыс емес, егилген нәллер толық тутып кетпегенше оның тәрбиясы менен толық шуғылланыўымыз, оннан кейин де бул бағдардағы жумыслар даўам еттирилиўи керек.

Гүзги терек егиў мәўсими шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги