Өзбекстан Президентиниң Қазақстанға сапары жәҳән баспасөзинде
Бурын хабар берилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қазақстан Республикасына мәмлекетлик сапарының барысы дүнья ҒХҚда кеңнен сәўлеленбекте.
Еки мәмлекет басшылары ушырасыўының ҳәр қыйлы тәреплери сиясатшылар, экспертлер тәрепинен қызғын додаланбақта.
Мәселен, Американың ең абырайлы басылымларының бири – «Forbes» журналында «Шавкат Мирзиёев ҳәм Қасым-Жомарт аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы декларацияға қол қойды» темасында мақала басып шығарылды.
Мақалада Қазақстан ҳәм Өзбекстан басшылары еки тәреплеме стратегиялық шерикликтиң кең көлемли мәселелерин, соның ишинде, сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-транзит, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўдиң тийкарғы тәреплерин додалағаны атап өтилген.
-Регионда турақлылық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, көп тәреплеме структуралар арқалы өз-ара бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды. Қасым-Жомарт Тоқаев Шавкат Мирзиёевти қызғын қутлықлап, усы мәмлекетлик сапар Қазақстан-Өзбекстан бирге ислесиўин сапа жағынан жаңа басқышқа көтеретуғынын атап өтти,-делинеди мақалада.
Сондай-ақ, журнал бетинде аўқамласлық ҳаққындағы декларацияға қол қойылыўы шынында да еки мәмлекет мүнәсибетиниң жаңа басқышын белгилеп бериўи, қол қойылған ҳүжжетлер топламы мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўге қосымша жеделлик бағышлаўы, буннан тысқары, ҳүкиметлерге жақын келешекте товар алмасыў көлемин 10 миллиард долларға шекем жеткериў бойынша исенимли илажлар көриў бойынша көрсетпе бериўге келисип алынғанына итибар берилген.
ӨзА