Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң мәжилиси болып өтти.

Онда Сенаттың он бесинши жалпы мәжилисинде додаланыўы нәзерде тутылған мәселелер көрип шығылды. Атап айтқанда, «Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамы додаланды.

Атап өтилгениндей, әмелдеги сайлаў ҳаққындағы нызамшылықты таллаўлар сайлаўшылар менен ушырасыўлар өткериў және сайлаў комиссияларының ҳәрекетлери ҳәм қарарлары үстинен шағымлар бериў бойынша айырым машқалалардың бар екенлигин көрсетпекте.

Додаланған нызам менен жоқары турыўшы сайлаў комиссияларының ҳәрекетлери ҳәм қарарлары үстинен берилген шағымларды көрип шығыўды шығарып таслаў, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериў бойынша округлик сайлаў комиссиясы баслығы, баслықтың орынбасары, хаткери ҳәм он бир – он сегиз комиссия ағзасынан ибарат қурамда дүзилиўин белгилеў нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, сайлаў бюллетенинде талабанның ийелеп турған лаўазымы, жумыс орны көрсетилиўи ҳаққындағы норманы шығарыў, сайлаўларда сиясий партия ямаса талабанларды қоллап-қуўатлап қол қойыўда пуқаралар паспорт пенен бир қатарда идентификация картасы арқалы да шахсын тастыйықлаўы мүмкин екенлиги белгиленбекте.

«Өзбекстан Республикасының пуқаралығы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамына қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам да додаланды.

2005-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы аймағында турақлы жасаў орны бойынша дизимге алынған ҳәм бурын сырт мәмлекеттиң пуқаралығына ийе болмағын пуқараларды, сондай-ақ, он бес жыл даўамында Өзбекстан Республикасы аймағында пуқаралығы болмаған шахс статусында жасап киятырғанларды Өзбекстан Республикасы пуқаралығына тән алыў механизмлери жаратылады.

Пуқаралықты тән алыў институты пүткиллей жаңа институт болып, ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң нызамышылығында нәзерде тутылмаған, бир сөз бенен айтқанда, елимиздиң аймағында он бес жыл даўамында жасап атырған пуқаралығы болмаған шахсларды Өзбекстан Республикасы пуқаралығына тән алыў, нызамлы тийкарларға муўапық, тиккелей пуқаралыққа алыўдың ҳуқықый тийкарлары жаратылады ҳәм он бес жыл турақлы жасап киятырған пуқаралығы болмаған шахс тәрепинен Өзбекстан Республикасы пуқаралығын улыўмалық тәртипте қабыл етиў ушын өтиниш хаты менен мүрәжат етиў зәрүрлиги қалмайды.

Сондай-ақ, мәжилисте Мәмлекетлик хызметлер көрсетилиўи жағдайы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораўдың нәтийжелери ҳаққындағы мәселе додаланды.

Электрон идентификация системасы және электрон санлы қол қойыў менен ислесиў системасы жетилистирип, әмелиятқа толық енгизиўди жолға қойыў, мәмлекетлик хызметлер порталының мобиль қосымшасын раўажландырып, физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге қолайлы ҳәм жедел мәмлекетлик хызметлер көрсетилиўин тәмийинлеў, уйымлараралық интеграция дәрежесин арттырыў, қағаз түриндеги архив ҳүжжетлерин толық санластырып, мәлимлеме технологиялары системасын және де раўажландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетлик хызметлер көрсетилиўи жағдайы ҳәм оның менен байланыслы процесстиң ашық-айдынлығын күшейтиў мақсетинде Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң аймақлық басқармалары тийислисинше халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине турақлы түрде мәлимлеме берип барыў әмелиятын системалы жолға қойыў керек екенлиги айтылды.

 

Нурилло Насриев,

ӨзАның хабаршысы