2024-жылдың январь ноябрь айларында Өзбекстанның сыртқы саўда айланысы 59,4 млрд долларға жетти ҳәм 2023-жылдың январь-ноябрь айларына салыстырғанда 2,1 млрд долларға яки 3,6 процентке көбейди.

ТСАда экспорт көлеми 24,2 млрд долларға (2023-жылдың январь-ноябрь айларына салыстырғанда 4,4 процентке көбейди) ҳәм импорт көлеми 35,1 млрд. долларға (3 процентке көбейген) жетти.

Соның менен бирге, 31,8 млрд долларлы товарлар, 3,3 млрд долларлы хызметлер импорт етилген.

ТСАның ең үлкен көлеми:

ҒМДА мәмлекетлерине — 21 млрд доллар;

ЕАЭА мәмлекетлерине — 15,9 млрд доллар;

Европа Аўқамы мәмлекетлери менен — 5,7 млрд доллар;

басқа мәмлекетлер менен товар алмасыў — 38,3 млрд долларды қурады.

Ҳәзирги күнде Өзбекстан дүньяның жүзден аслам мәмлекети менен саўда байланысларына ийе.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги