Әзербайжан пайтахты Бакуда басланған Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Климат өзгериўи бойынша дөгерек конвенциясы 29-конференциясы (COP29) биринши күнинде итибар глобал ысыў менен байланыслы «кескин» жағдайға қаратылды.

Өткен жыл әнжуманға басшылық еткен Бирлескен Араб Әмирликлери арнаўлы ўәкили – Санаат ҳәм алдынғы технологиялар министри Султан Аҳмад Ал-Жобир дүньяны климат өзгериўиниң  унамсыз ақыбетине қарсы бирлесиўге шақырды.

COP29 Президенти – Әзербайжан экология ҳәм  тәбийғый ресурслар министри Мухтар Бобоев климат өзгериўине қарсы гүрести қаржыландырыў бойынша сөйлесиў «қурамалы ҳәм қыйын» өтиўинен ўайым билдирди.

Конвенция атқарыўшы хаткери Саймон Стиллдың атап өтиўинше, ағза мәмлекетлердиң кеминде үштен еки бөлеги эмиссияны жедел азайтыў керек: «басқа жағдайда,  ҳәр бир мәмлекетке қымбатқа түседи».

Күнниң және бир әҳмийетли ўақыясы – Дүнья метеорология шөлкеми тәрепинен COP29 шеңберинде жәрияланған есабатта атмосферадағы ыссыхана гази турақлы артып баратуғыны себепли климат оғада тез унамсыз тәрепке өзгерип атырғаны айтылған. 2024-жыл узық ўақыт даўамында жоқары температура сақланып, рекорд дәрежедеги ең ыссы жыл деп табылды.

– COP29 Әзербайжанда шөлкемлестирилиўи өзине тән әҳмийетке ийе, – деди Түркия қоршаған-орталық, урбанизация ҳәм климат өзгериўи министри Мурад Курум. – Структураның қаржыландырыў бойынша мәжилиси де усы мәмлекетте өтеди.

Еслетип өтемиз, COP29 шеңберинде 100 ге шамалас мәмлекетлик ҳәм ҳүкиметлик басшылар қатнасатуғын Жәҳән жетекшилери Климат саммитти (WLCAS) де болып өтеди. Әнжуманда мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев да қатнасады.

ӨзА