Бәсеки комитетине Өзбекстанда жумыс алып барып атырған туристлик фирмалар хызмети бойынша бир қанша қарсылықлар билдирген тутыныўшылардан мүрәжатлар келип түскен.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 12-октябрьдеги «Умра илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў менен байланыслы илажларды және де жетилистириў ҳаққында»ғы қарарына тийкар Қарақалпақстан Республикасы Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў комитети тәрепинен мониторинг жумыслары өткерилди.
Мониторинг өткериў даўамында «Умра» илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў жумысын әмелге асырыў ҳуқықы ушын лицензиясы болмаған “MUSAFFO TRAVEL”, “EVRO TURISTIK” ҳәм “ARAL TRAVEL” тур фирмалары тәрепинен “Умра” зияраты ҳаққында рекламалар жайластырылғаны анықланды.
Анықланған жағдайлар бойынша Комитет хызметкерлери тәрепинен жәмийетлер басшыларына жоқарыда келтирилген қарар талапларына тийкар “Умра” илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў жумысын әмелге асырыў ҳуқықы ушын лицензия болыўы шәрт екенлиги түсиндирилди ҳәм жайластырылған рекламалар орнынан алып тасланды.
Буннан тысқары, Комитетке келип түскен пуқара мүрәжатында тутыныўшы “ISKANDER TOURS” ЖШЖ туристлик фирмасы менен шәртнама дүзип, 700 АҚШ доллары төлегенине қарамастан шәртнама шәртлери орынланбағанынан наразы екенлигин билдирген. Төлеген пулын қайтарып бериўде әмелий жәрдем сораған.
Алып барылған түсиндириў жумыслары нәтийжесинде пуқараға төлеген пулы қайтарып берилиўи тәмийинленди.
Буннан тысқары Ташкент қаласы, Самарқанд, Жиззақ ўәлаяты аймақлық басқармасына жолланған мүрәжатлар да үйренилип, пуқараларға жәрдем көрсетилди.
ӨзА