11 ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары сарайында 11-ноябрь – Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары күнине бағышланған салтанатлы байрам илажы болып өтти.
Онда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ўәкиллери, Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы, оның аймақлық кеңеслери, тармақ кәсиплик аўқамлары республика кеңеслери, ықтыярындағы шөлкемлердиң басшылары, шерик министрлик, уйым ҳәм шөлкемлер, халықаралық шөлкемлер, Халықаралық кәсиплик аўқамлары бирлеспелери, сырт ел кәсиплик аўқамлары шөлкемлери басшы ҳәм жуўапкерлери, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары нуранийлери ҳәм белсендилери ҳәм түрли тараўда жумыс алып барып атырған мийнеткешлер қатнасты.
Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик Гимни менен басланған салтанатлы байрам илажы жас талантлылардың атқарыўындағы Ўатан, тынышлық, мийнеткешлер ҳәм халықлар дослығын жырлаўшы композиция менен даўам етти.
Салтанатлы илажда Президентимиз басламасы менен жәмийет турмыслық барлық тараўларында бирдей алып барылып атырған кең көлемли ҳәм системалы реформалар ҳәм жаңаланыўлар, олардың салмақлы нәтийжелери айырықша атап өтти. Атап айтқанда, өткен қысқа ўақыт ишинде халқымыз абаданлығын арттырыў, халықаралық байланысларды беккемлеў, Өзбекстан абырайын дүнья көлеминде жоқары басқышқа көтериў бойынша салмақлы нәтийжелерге ерисилгени, бул жеңислер бүгин жәмийетлик турмыс ҳәм халқымыз өмириндеги унамлы өзгерислерде көринип атырғаны атап өтилди.
Инсан қәдири ушын әмелге асырылып атырған үлкен ҳәм системалы жумыслар мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимизди раўажланыўдың пүткиллей жаңа басқышына алып шықты. Жаңа Өзбекстанның бул бағдардағы жеңислери ҳәм қолға киргизип атырған нәтийжелери бүгин халықаралық көлемде де тән алынып, жоқары итибарға ийе болмақта.
Жаңаланыўлар, халықтың түрли тайыпалары, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм жасларға көрсетилип атырған итибар, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылып атырған системалы жумыслар нәтийжесинде Өзбекстан халқының социаллық-сиясый белсендилиги ҳәм интакерлиги артып, жаңа шыңларға қарай алға умтылмақта.
Кейинги жыллары Өзбекстанда мәмлекет, кәсиплик аўқамлары ҳәм жумыс бериўшилер арасындағы социаллық шериклик ушын жаратылған кең имканиятлар нәтийжесинде мәмлекетимиз кәсиплик аўқамлары жумысы жаңа раўажланыў басқышына кирди. Жаңа Өзбекстанның жаңа кәиплик аўқамлары елимиздеги реформалар, жаңаланыў ҳәм өзгерислердеги белсендиликти және де арттырып, түрли тараў хызметкерлериниң социаллық-экономикалық мәплери ҳәм мийнет тараўындағы ҳуқықларын қорғаў бойынша системалы жумысларды әмелге асырып келмекте.
Бул жәмийетлик шөлкеми хызметине бола, бүгин халық шөлкемине айланған кәсиплик аўқамлары Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Кәсиплик аўқамлары федерациясы ҳәм Жумыс бериўшилер конфедерациясы арасында қол қойылған Бас жәмийетлик келисим, әмелдеги 102 тармақ келисиўи ҳәм 118 мыңға жақын жәмийетлик шәртнамалары арқалы мийнеткешлер ҳәм олар шаңарақ ағзаларының социаллық-экономикалық мәплерин қорғаў, ис ҳақының өз ўақтында төлениўи, мийнетке ҳақ төлеўдиң ең кем муғдары стандартларына жумыс бериўшлилер тәрепинен әмел етилиўи бойынша жәмийетшилик бақлаўын алып бармақта. Кәсиплик аўқамлары инспекторлары тәрепинен усы жылдың 9 айы даўамында 3 мың 95 шөлкемде жәмийетлик бақлаў әмелге асырылды.
Келип түскен 4 мың 20 мүрәжаатты көрип шығыў нәтийжелерине бола жәми 62 мың 656 шахстың ҳуқықлары тикленип, хызметкерлер пайдасына дерлик 61,5 миллиард сум қәрежет өндирип берилди. 2023-жылдың өзинде киши бизнес субъектлери ҳәм жеке меншик секторда жумыс алып барып атырған 311 мың, 2024-жылдың 9 айы даўамында болса дерлик 13 мыңға жақын кәрхана ҳәм шөлкемде мийнет етип атырған 323 мыңға жақын хызметкер кәсиплик аўқамы ағзалығына қосылды.
Кәсиплик аўқамларының хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын саламатластырыў бағдарындағы ислери де сапа ҳәм муғдар тәрептен жаңа басқышқа көтерилди. Атап айтқанда, Президентимиз басламасы менен Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы тәрепинен өткен жылы Сурхандәрья ўәлаятындағы таўлар қушағында жаңа ҳәм заманагөй «Сангардак» санаториясы қурып, пайдаланыўға тапсырылған болса, усы жылы Хорезм ўәлаятында халықаралық стандартларға сай болған 200 орынлы «Ханқа» санаториясы қурылып, мийнеткешлердиң ықтыярына тапсырылды.
Бул сыяқлы раўажланыў ислери нәтийжесинде 2017-жылы Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы системасындағы санаторий ҳәм дем алыў үйлеринде бар болған 5 мың 257 орын саны бүгинге келип 7 мыңға жеткерилди. Және бир әҳмийетли тәрепи, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары системасында жаңадан қурылып атырған санаториялар ҳәм олардағы хызмет көрсетиў дәрежеси сапа жағынан тек жергиликли емес, бәлким халықаралық экспертлер тәрепинен де жоқары баҳаланбақта.
Санаторийларда усы жылдың бүгинги күнине шекем 160 мыңнан аслам халық саламатластырылды. 190 стационар түрдеги дем алыў орнында болса дерлик 162,5 мың бала дем алды.
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күнине бағышланған салтанатлы илажда Ўатанымыз раўажланыўы ҳәм халқымыз турмыс абаданлығын және де арттырыў бағдарындағы жумысларда белсенди қатнасып атырған, мийнеткешлердиң социаллық-экономикалық ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўға ҳәм кәсиплик аўқамлары жумысы раўажына мүнәсип үлес қосып киятырған бир топар заманласларымыз Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясының «Ҳүрмет» белгиси менен сыйлықланды. Сыйлықланғанларға «Ҳүрмет» белгиси, пул сыйлығы ҳәм гүўалықлар тапсырылды.
Соннан кейин көп жыллық нәтийжели мийнети, ерискен айырықша жеңислери менен денсаўлықты сақлаў, илим, мәденият ҳәм спорт тараўларын раўажландырыў, сондай-ақ, кәсиплик аўқамларының абырайын көтериўде мүнәсип үлес қосып киятырған жерлеслеримиз ҳәм халықаралық шериклерди қоллап-қуўатлаў, хошаметлеў мақсетинде енгизилген «Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы лауреаты» сыйлығының 2024-жылғы ийлерине бул сыйлық салтанатлы түрде тапсырылды.
Кәсиплик аўқамлары жумысын жетилистириўге салмақлы үлес қосып атырған жерлеслеримиз қатарында Халықаралық мийнет шөлкеминиң Мийнеткешлер жумысы бюросы директоры Мария Хелена Андре, Грузия Кәсиплик аўқамлары конфедерациясы баслығы Ираклий Петриашвили, “Turk-iş” (“Түрк ис”) Кәсиплик аўқамлары конфедерациясы президенти Эргун Аталай да «Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы лауреаты» сыйлығына ийе болды.
Илаж жуўмағында қатнасыўшылар итибарына байрам концерт бағдарламасы қойып берилди.
Назокат УСМОНОВА,
ӨзА хабаршысы