Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорының баслығы Гаяне Умерова ҳәм Франция мәденият министри Рашида Дати арасында ушырасыў болып өтти.
Парижде өткерилген ушырасыўда еки мәмлекет арасындағы мәдений алмасыўды раўажландырыў , мийрасты қәстерлеп-сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыўға қаратылған бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери додаланды. Сәўбет даўамында Париждеги Араб дүньясы институтында өткерилген «Самарқандқа жол» көргизбеси ҳәм Луврда Өзбекстанның бай мәдений мийрасын көрсететуғын көргизбелер Франция жәмийетшилигинде үлкен қызығыўшылық оятқаны атап өтилди.
Сондай-ақ, тәреплер мәдений мийрасды қорғаўда үлкен әҳмийетке ийе болған естеликлерди реставрациялаў тараўындағы биргеи ислесиўди даўам етиў тилегин билдирди. Ушырасыўда Франция миллий мийрас институты (INP) филиалын Ташкентте ашыў арқалы реставрация ҳәм тәжирийбе алмасыўдағы шерикликти және де тереңлестириў мәселеси додаланды.
Қор мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, ушырасыўда Самарқандта болып өтетуғын ЮНЕСКО Бас Ассамблеясының 43-сессиясында Франция делегациясының қатнасыў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды. Бул, өз гезегинде, халықаралық бирге ислесиўди және де раўажландырыўға қаратылған қәдем сыпатында баҳаланды.
Н. Зиёдуллаева, ӨзА