16-декабрь күни Сеул қаласында Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA) менен Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги ҳәм Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги жанындағы Программалық тәмийнат ҳәм IT технологиялар парки арасында еки жаңа жойбарлаў келисимине қол қойылды.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң Корея Республикасына сапары шеңберинде болып өткен бул илажда KOICA вице-президенти Им Жонг Хи, Өзбекстан Республикасы мектепке шекемги билимлендириў министри Агриппина Шин, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министри Шерзод Шерматов ҳәм IT Park бас директоры Фарҳод Ибрагимов қатнасты.
KOICA ҳәм Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги арасында қол қойылған дәслепки «Өзбекстанда кадрларды таярлаў, оқытыў ҳәм раўажландырыў комплексли орайын қурыў арқалы мектепке шекемги билимлендириў педагог кадрларының потенциалын арттырыў» жойбары 2021-2026-жылларға мөлшерленген болып, бул бағдарлама ушын бийғәрез 11 миллион доллар қаржы тартылады.
Бул бирге ислесиўден гөзленген тийкарғы мақсет мектепке шекемги билимлендириў сапасындағы айырмашылықты билим орайы комплексин шөлкемлестириў арқалы қысқартыў, үлгили бақшалар арқалы сапалы мектепке шекемги билимлендириў хызметин көрсетиў болып есапланады.
Жойбарда, соның ишинде, зәрүр үскенелер менен тәмийинленген билим орайын қурыў, мектепке шекемги билимлендириў педагог кадрлары ушын маманлық арттырыў бағдарламаларын әмелге асырыў, тәрбияшылар ушын оқыў бағдарламасы бойынша қолланбалар ислеп шығыў, зәрүр үскенелер менен тәмийинленген үлгили мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин қурыў сыяқлы әҳмийетли бағдарлар сәўлеленген.
Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги IT Park пенен бирге «Өзбекстанда IT Parkтиң турақлы раўажланыў тийкарларын қәлиплестириў ҳәм потенциалын арттырыў» жойбарын да әмелге асырады. Төрт жыллық бағдарламаға тийкарланатуғын бул жойбар ушын 4,5 миллион доллар ажыратылатуғын болды.
Бул процесс мәмлекетимизде IT-санаатының раўажланыўы ушын тийкар жаратыў, тараўда жумыс алып барып атырған компаниялардың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, басқарыў стратегиясын жаратыў арқалы институтционаллық имканиятты беккемлеўге жәрдем береди.
Ҳүжжетлерге қол қойыў мәресиминен кейин тәреплер келеси режелер ҳаққында сөйлесиў алып барды. Сондай-ақ, мектепке шекемги билимлендириў ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге келисип алынды.
Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,
ӨзАның хабаршысы