2021-жыл 24-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов Норвегия Патшалығының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм Толық хуқықлы Елшиси (резиденциясы Осло қаласында) етип тайынланған Жон Микал Квастадти қабыл етти.

Исеним жарлықларын қабыл етип, министр елшини жоқары жуўапкершиликли лаўазымға тайынланғаны менен қутлықлады ҳәм жумысына әўмет тиледи.

Сәўбетлесиў ўақтында сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўларда Өзбекстан-Норвегия қатнасықларының бүгинги жағдайы ҳәм және де раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары, сондай-ақ, тәреплериниң халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги өз-ара бирге ислесиўи додаланды.

Болажақ илажлар, атап айтқанда, министрликлераралық сиясий мәсләҳәтлесиўлердиң гезектеги раундын өткериў кестеси көрип шығылды.

Сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе айырым мәселелер, соның ишинде, Аўғанстандағы жағдай бойынша пикир алысылды.

 

Ғ.Хонназаров,
ӨзА