Өзбекстан Сыртқы ислер министрлигиниң басламасы менен ШБШның Ташкент қаласында жайласқан Терроршылыққа қарсы гүресиў бойынша регионаллық структурасы атқарыў комитетинде Өзбекстан Республикасының 2021-2022-жыллар ишиндеги шөлкемге басшылығында әмелге асырылатуғын жумыслардың тийкарғы бағдарларын таныстырыў болып өтти.
Таныстырыўда ШБШға ағза мәмлекетлер миллий координаторлары, ҒХҚ хызметкерлери ҳәм экспертлер қатнасты.
Илаж қатнасыўшылары Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Душанбе самиттиндеги баянатының тийкарғы бағдарлары, сондай-ақ, усы бағдарламалы баянаттан келип шығып белгиленген тийкарғы ўазыйпалар ҳәм мәмлекеттиң Шөлкемдеги басшылығында әмелге асырылатуғын илажларының дизими менен таныстырылды.
Бизге белгили, Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Душанбеде болып өткен саммитинде усы абырайлы шөлкемге басшылық етиў 2021-2022-жыллар ишинде Өзбекстанға өтиўи ҳаққында қарар қабыл етилген еди.
Саммитте Президент Шавкат Мирзиёев мәмлекетимиз ШБШға басшылық етиўиниң бир қанша тийкарғы бағдарларын белгилеп берди.
Өзбекстан сыртқы ислер министриниң орынбасары Ғайрат Фозилов қатнасыўшыларға Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен тастыйықланған Өзбекстанның ШБШға басшылығы дәўиринде әмелге асырылатуғын 80 нен аслам илажларды өткериў режелестирилип атырғанын мәлим етти. Мәмлекет басшылары Кеңестиң мәжилиси, Сыртқы ислер министрлери Кеңеси, қәўипсизлик Кеңеси хаткерлериниң ушырасыўлары, Қәнигелескен министрликлер ҳәм уйымлар басшыларының мәсләҳәтлесиўлери, Экономикалық форум, аймақлар басшыларының форумлары ҳәм басқа да бир қанша илажлар усылардың қатарына киреди.
Ушырасыўда Өзбекстан ШБШ Хартиясы принциплеринен келип шыққан ҳалда шөлкемге басшылық етеди ҳәм биринши гезекте ағза-мәмлекетлер халықларының турмыс сапасын арттырыў, абаданлығын жоқарылатыў және раўажланыўдың избе-из динамикасын тәмийинлеў мақсетинде теңлик, жақын қоңсышылық, мәплерди өз-ара ҳүрмет етиўге тийкарланған «Шанхай руўхы» принциплерин беккемлеўге қаратылатуғыны айрықша атап өтилди.
– Өзбекстан бир жыл даўамында Евразия регионында ең тәсиршең болған халықаралық шөлкемлердиң бири – Шанхай бирге ислесиў шөлкемине басшылық етеди, бул биз ушын оғада үлкен жуўапкершилик, – деди Өзбекстан Республикасының Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң жумыслары бойынша миллий координаторы Раҳматулла Нуримбетов. – Өзбекстанның халықаралық майданда барған сайын артып баратырған абырайы усы ағза-мәмлекетлер менен соңғы бес жыл ишинде кеңейип атырған исенимли бирге ислесиўиниң нәтийжеси болып есапланады. Булардың барлығы Өзбекстанның шөлкемде табыслы басшылық етиўи ушын беккем тийкар болады.
Бүгин биринши мәрте Өзбекстанның ШБШға басшылығындағы биринши илажы басланды. Бәринен бурын илажда қатнасып атырған барлық делегация басшылары, елшилер, миллий координаторлар Өзбекстан басшылығын, халқымызды болып өткен үлкен сиясий процесс – Президент сайлаўының нәтийжелери менен қутлықлағанын атап өтиўим зәрүр. Сондай-ақ, шөлкемге ағза барлық мәмлекетлер Өзбекстан басшылығында Президент тәрепинен алға қойылған тийкарғы бағдарлар және ўазыйпаларды қоллап-қуўатлаўға таяр екенлигин билдирди.
ШБШ миллий координаторларының биринши мәжилиси Қарақалпақстан аймағында болып өтеди. Буннан мақсет делегация ағзаларын соңғы бес жылда Өзбекстанның алыс аймақларында алып барылып атырған кең көлемли реформалар ҳәм өзгерислердиң нәтийжелери менен танысыў болып есапланады. Мине, усындай қатнасық, дипломатика, сиясий ҳәм мәдений көзқарастан Өзбекстанның шөлкемге басшылық етиўдеги табысын тәмийинлейди деп ойлайман, – деди Р.Нуримбетов.
Саидмурод РАҲИМОВ,
ӨзАның хабаршысы