Ташкентте 25-октябрь күни ЕҚБШ Парламентлер ассамблеясы, ЕҚБШ ДИИҲБ ҳәм Европа парламентлериниң биргеликтеги баспасөз әнжуманы болып өтти. Онда халықаралық бақлаўшылар Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық жоқары дәрежеде әмелге асырылғанын атап өтти.
ЕҚБШ ДИИҲБ миссиясы Өзбекстан Президенти сайлаўын бақлаўды 15-сентябрьде баслаған еди. Даўыс бериў процесин бақлап барыўы ушын миссияға ЕҚБШ Парламентлер ассамблеясынан 98 эксперт және Европа парламентлеринен 12 бақлаўшы қосылды. Солай етип, биргеликтеги миссияда 44 мәмлекеттен жәми 365 бақлаўшы қатнасты.
Миссия ўәкиллери 1 мың 267 сайлаў участкасында даўыс бериў процесин бақлады. Олардың пикиринше, сайлаў тыныш ҳәм тәртипли өтти. Даўыс бериўге байланыслы унамсыз жағдайлар сайлаў участкаларының тек ғана 11 процентинде дизимге алынды.
Кейинги жыллары Өзбекстан сайлаўға таярлық ҳәм оны өткериў бойынша сезилерли жетискенликлерге ерискени атап өтилди. Оның ушын сайлаў нызамшылығы тараўында әҳмийетли реформалар өткерилди. Бул болса, ЕҚБШ ДИИҲБның бир қатар усынысларының енгизилиўине шараят жаратты.
Сайлаўалды үгит-нәсият жумысларын ҳеш қандай тосқынлықларсыз өткериў кепилликлериниң күшейтилгени, административлик ресурслардан пайдаланыў фактлериниң пүткиллей сапластырылғаны, сайлаў ҳуқықларының нызам менен қорғалыўының беккемленгени унамлы баҳаланды.
Орайлық сайлаў комиссиясының сайлаўға таярлық ҳәм оны өткериў бойынша әмелге асырған жумыслары атап өтилди. COVID-19 бенен байланыслы машқалаларға қарамастан, ОСК өз жумысын нызамшылықта көрсетилген мүддет ишинде профессионал дәрежеде сапалы ҳәм нәтийжели орынлағаны айтылды.
Биринши мәрте ОСКның барлық мәжилислери кең жәмийетшилик ушын ашық болды ҳәм реал ўақыт режиминде көрсетилди, мәжилис қарарлары болса комиссия веб-сайтында оператив жәриялап барылды. Бул миссиялардың жуўмақларында атап өтилгениндей, сайлаў процесиниң ашық-айдын өтиўин тәмийинледи.
Имканияты шекленген пуқаралар ушын жаратылған қолайлықлар да бақлаўшылар тәрепинен унамлы баҳаланды. «Бул менде үлкен тәсир қалдырды», – деди ЕҚБШ Парламентлер ассамблеясы делегациясы баслығы Даниэлла де Ридер. Сондай-ақ, ол таңлап алынған реформалар жолы өзбекстанлылар тәрепинен қоллап-қуўатланып атырғанын атап өтип, оған даўыс бериўде қатнасқанлар санының 80 проценттен артқанын мысал етип көрсетти.
Баспасөз әнжуманында ЕҚБШ қысқа мүддетли бақлаўшыларының арнаўлы муўапықластырыўшысы Райнхольд Лопатканың атап өтиўинше, «демократия – бул узақ процесс ҳәм Өзбекстан дурыс жолдан бармақта. Биз бул ийгиликли жолда қоллап-қуўатлаймыз».
ЕҚБШ ДИИҲБ миссиясының басшысы Оуэн Мерфи сайлаўдың өткерилиўине бақлаўшы сыпатында мирәт еткени ҳәм қоллап-қуўатлап турғаны ушын Өзбекстан ҳүкиметине миннетдаршылық билдирди. «ЕҚБШ мониторинг алып барыўшы миссиясы сайлаў бойынша бир айдан көп бақлаў алып барды, оның жумысына жергиликли ҳәкимият да, мәмлекетлик шөлкемлер де кесент етпеди. Керисинше, мәмлекетлик уйымлар, жеке меншик сектор, пуқаралық жәмийетлери орынларда миссияға ҳәр тәреплеме жәрдем берип турды, ЕҚБШ бақлаўшылары менен тығыз бирге ислести», – деди Оуэн Мерфи.
Экспертлердиң жуўмақларына бола, ЕҚБШ ПА, ЕҚБШ ДИИҲБ ҳәм Европа парламентлериниң атынан бундай абырайлы делегацияның сайлаўда қатнасыўы Өзбекстанда кейинги жыллары әмелге асырылып атырған демократиялық өзгерислер халықаралық жәмийетшилик тәрепинен тән алынғаны ҳәм қоллап-қуўатланып атырғанынан дәрек береди. Қалаберди, халықаралық жәмийетшилик Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен басланған мәмлекетти реформалаў ҳәм модернизациялаў стратегиясын турмысқа енгизиўде Өзбекстан менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўге таяр екенин билдиреди.
Саидмурод РАҲИМОВ,
ӨзАның хабаршысы