Олий Мажлис Сенатының гезектеги жалпы мәжилиси алдынан комитетлердиң мәжилислери болып өтти.

Атап айтқанда, Бюджет ҳәм экономикалық реформалар мәселелери комитети мәжилисинде «2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы ҳәм «Социаллық исбилерменлик ҳаққында»ғы нызамлар және турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министриниң көп квартиралы турақ жайларға хызмет көрсетилиўи ҳәм басқарыў компанияларының жумысының нәтийжелилиги бойынша алып барылып атырған жумыслар бойынша мәлимлеме дәслепки тәризде додаланды.

Атап өтилгениндей, усы жылдың өткен дәўиринде қабыл етилген пәрманлар ҳәм қарарлар, тастыйықланған бағдарламалардағы ўазыйпалардың орынланыўы өз гезегинде қосымша қаржыландырыў дәреклерин талап етпекте. Сол мақсетте 2021-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызамға, мәмлекетлик мақсетли қорлары және республикалық бюджеттен биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге ажыратылатуғын қаржылардың шекленген муғдарлары бойынша өзгерис киргизилмекте.

Атап айтқанда, инвестиция бағдарламалары ушын 6 триллион сум, айырым мәкемелерге киргизилген қосымша штат бирликлерин қаржыландырыў ушын 1,4 триллион сум ҳәм қорғаныў ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларын сақлаў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў қәрежетлерине 1,4 триллион сум ажыратылыўы белгиленбекте.

Сондай-ақ, усы жылы коронавирусқа қарсы гүресиў илажлары ушын режелестирилген 3 триллион сум қаржылар толық жумсалғанлығы себепли қосымша қаржы резервин жаратыў ушын 1,3 триллион сум ажыратылады.

Нызамда мәмлекетлик –жеке меншик шериклиги тийкарында мектепке шекемги билилендириў мәкемелерин шөлкемлсетириў ушын жеңиллетилген кредитлер ажыратыў және балалар қамтылыўының артқанлығы себепли 1,1 триллион сум қосымша субсидия ажыратыў, сондай-ақ, «Жаңа Әндижан» қалашасын қурыў ҳәм ўәлаятта исбилерменликти раўажландырыў ушын 1,3 триллион сум қаржы қаратыў нәзерде тутылған.

Соның менен бирге, нызам менен бул қосымша қәрежетлерди қаплаў дәреклери де белгилеп берилмекте.

Мәжилисте турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министриниң көп квартиралы турақ жайларға хызмет көрсетилиўи ҳәм басқарыў компаниялары жумысының нәтийжелилиги бойынша алып барылып атырған жумыслары бойынша мәлимлеме тыңланды.

 

Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы