Нөкисте Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, «Нөкис дийқан базары» акционерлик жәмийети менен биргеликте «Жас дийқан өнимлери» агро ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Ашылыў мәресиминде Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының бөлим баслығы М.Турсунов, Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниң орынбасары Қ.Бекмуратов өткерилип атырған агро ярмарканың мақсет ҳәм ўазыйпаларына тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, бүгинги күни аўыл хожалығы тараўында келешек әўладты тәрбиялаў, жетик қәнигелер таярлаў, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, усы арқалы олардың тараўдағы үлесин арттырыўға айрықша әҳмийет берилмекте. Бул бағдарда елимизде «Үшинши Ренессанс» тырнағын қалаў жолында жасларымыз өзлериниң алдына үлкен мақсетлер қойып, оларға ерисиўи ушын кең имканиятлар жаратыў ҳәм ҳәр тәреплеме жәрдем бериў әҳмийетли ўазыйпа болып табылады. Сонлықтанда, соңғы жыллары елимизде халықтың, соның ишинде  ҳаял-қызлар менен жаслардың социаллық қорғаўға мүтәж, турмыс шараяты аўыр, жумыссыз ҳәм кәсип-өнерге ийе болмаған, ҳуқықый ҳәм руўхый-психологиялық қоллап-қуўатлаўға зәрүрлиги болғанларына мәмлекетимиз тәрепинен мәнзилли жәрдем бериў бойынша айрықша система жаратылды.

Бул бағдарда ҳәр бир шахс пенен индивидуал  ҳәм системалы түрде турақлы жумыс алып барыў, билим ҳәм кәсип-өнер үйрениўге талабы болған жасларға материаллық жәрдем бериў мақсетинде «Жаслар дәптери» турмысқа енгизилди. Бул дәптерге киргизилген жасларға «Ҳәр бир жасқа-бир гектар» принципи тийкарында жер майданлары ижараға ажыратып бериў арқалы бәнтлигин арттырыўға ҳәм дәрамат дәреги менен тәмийинлеўге ерисилди.

Агро ярмаркада «Жаслар дәптери»не киргизилип, «Ҳәр бир жасқа-бир гектар» принципи тийкарында жер майданы ажыратып берилген 80 жас дийқан өзлери жетистирген аўыл хожалығы өнимлери менен қатнасты.

– «Ҳәр бир жасқа-бир гектар» принципи тийкарында бизге 20 сотих жер майданы ажыратылып берилип, гешир ектик,-дейди Елликқала районы  «Пахташы» мәкан пуқаралар жыйынынан Д.Рузимов.-Дәслепки өнимлеримизди ярмаркаға алып келип сатып атырмыз. Быйылғы жылы 4 тонна өним алыўды режелестирип отырмыз. Келешекте жер майданымызды кеңейтип, басқа да аўыл хожалығы егинлерин екпекшимиз. Жумыссыз жасларға бундай итибары ушын Жаслар ислери агентлигине миннатдаршылық билдиремиз.

 

 Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери