Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қәўипсизлик кеңесиниң кеңейтилген қурамдағы мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзи
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
Бүгинги мәжилисимиз елимиздиң турмысындағы әҳмийетли ўақыя –Өзбекистан Республикасы Қураллы Күшлери шөлкемлестирилгениниң 26 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни қарсаңында өткерилмекте.
Бәринен бурын, сизлерди ҳәм барлық ўатанласларымызды әне, усы улыўма халықлық байрам менен шын жүректен қутлықлаўға руқсат еткейсиз.
Буннан саррас бир жыл бурын мине, усы оқыў орнында – Өзбекистан Қураллы Күшлери академиясында елимиздиң Қураллы Күшлерин буннан былай да реформалаў бойынша алдымызда турған ўазыйпаларды ҳәр тәреплеме додалаған едик.
Ушырасыўда әскерий кадрлар таярлаў тараўындағы әҳмийетли ўазыйпалардан бири сыпатында Академияның жумысын жетилистириў мәселеси көрип шығылған еди. Бүгинги мәжилисимиз улыўма жаңаланған Академияда өткерилип атырғаны ҳәммемизди қуўанышқа бөлемекте. Бул жерде шөлкемлестирилген заманагөй ситуациялық орай жыл даўамында әмелге асырған жумысларымыздың нәтийжеси болып табылады.
Өткен жыл даўамында биз усы бағдарда ерискен табысларды ҳәм унамлы мысалларды көплеп келтириў мүмкин. Соның менен бирге, елимиздиң қорғаныў қәбилетин беккемлеў тараўында еле әдеўир машқалалардың бар екенин атап өтиў зәрүр. Оларды шешиў бойынша 2018-жылы ҳәм келеси жылларда қатаң жумыс алып барыўымыз зәрүр.
Мен жыл даўымында Қураллы Күшлердиң жаўынгерлик таярлығы менен талантын талқылап бардым. Әскерий оқыў шынығыўларын Каттақорған полигонында бақладым. Қубла-Батыс, Шығыс ҳәм Ташкент әскерий округлеринде Қорғаныў министрлиги ҳәм шегара әскерлери бөлимлерин, бүгин болса Шыршық қаласындағы әскерий бөлимди барып көрдим. Әскерий хызметкерлер менен сәўбетлестим. Лаўазымлы шахслардың есапларын тыңладым. Нәтийжеде көп жыллар даўамында жыйналып қалған тийкарғы, системалы машқалалар анықланды. Олар – кадрлар мәселеси, әскерлерди заманагөй қурал-жарақлар менен тәмийинлеў, әскерий хызметкерлерди социаллық қорғаў, жасларды ҳәм әскерий хызметкерлерди әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға байланыслы машқалалар болып табылады.
Әлбетте, өткен жылы биринши гезекте шешилиўи керек болған көплеген мәселелер бойынша анық қарарлар қабыл етилди.
Бирақ, тән алыўымыз керек, олардың барлығы системалы емес, ал белгили бир бағдар менен буўындағы машқалаларды сапластырыўға қаратылған жумыслар болып табылады. Әне усы жағдайды есапқа алып, Ўатанымздың қәўипсизлигин беккемлеў, оның қорғаныў қәбилетин күшейтиўдей оғада әҳмийетли тараўда көплеген машқалалардың барлығын аңлаған ҳалда, биз жаңа Қорғаныў доктринасын қабыл еттик. Усы ҳүжжетте елимиздиң әскерий қурылысын ҳәм Қураллы Күшлерди раўажландырыў мәселелери бойынша тийкарғы бағдарлар ҳәм заманагөй көзқараслар сәўлелендирилди.
2017-жыл 12-декабрьде Президент пәрманы қабыл етилип, онда қәлиплескен қыйын жағдайдан шығыўдың тәсиршең ҳәм нәтийжели илажлары белгилеп берилди.
Бүгин сизлер менен өткен жылы әмелге асырған жумысларымызға жуўмақ жасап, келешектеги ўазыйпаларымыз туўралы сөйлесип алыўымыз зәрүр.
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
Ҳәзирги ўақытта регионымызда ҳәм дүньяда ҳүким сүрип атырған, алдын ала айтып болмайтуғын қыйын шараятта елимиздиң қәўипсизлиги менен аймақлық пүтинлигин тәмийинлеў, жәмийетимизде тынышлықты ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў қаншелли үлкен әҳмийетке ийе екенин бәршемиз терең түсинемиз. Бул болса, өткен дәўир ишинде ерискен табысларымызды ҳәм жол қойған кемшиликлеримизди, жыйналып қалған машқалаларымызды терең талқылаўды, бүгин турмыстың өзи алға қойып атырған талапларды есапқа алыўды талап етпекте.
Биз әне, сол тийкарда елимиздиң қорғаныў потенциалын беккемлеўди Өзбекистанды раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында белгилеп алдық. Стратегияға бола 2017-жылы басқа да тараўлар қатарында әскерий қурылыс бағдарында да кең көлемли өзгерислер әмелге асырылды. Қысқа мүддетте дәслепки анық нәтийжелерге еристик ҳәм жаңаланып атырған Қураллы Күшлеримиз бойынша стратегиялық көзқарасты ислеп шықтық.
Бириншиден, сыртқы сиясатымыздың бейимлесиўшеңлик ҳәм ашық-айдынлық принциплерине, ең тийкарғысы, қоңсы мәмлекетлер менен әмелий қатнасықларды раўажландырыў, Ўатанымыздың суверенитетин ҳәм ғәрезсизлигин беккемлеўдей биз ушын әҳмийетли болған принциплерге сүйенген ҳалда, елимиздиң Қорғаныў доктринасы сапа жағынан жаңаланды. Бул доктринаның мазмун-мәниси биринши мәрте ашық-айдынлық өзгешелигине ийе болды. Бул болса, бизиң қорғаныў бойынша сиясатымыздың ашық-айдынлығын көрсетпекте. Доктринада Өзбекистанның қорғаныў тараўындағы сиясаты бойынша принципиал көзқараслар, оларды қолланыў тийкарлары, Қураллы Күшлер алдында турған ўазыйпалар, сондай-ақ, миллий армиямыздың қурылыўын ҳәм раўажланыўын даўам еттириў бойынша перспективалы бағдарлар белгилеп берилди. Ҳәммеңиздиң итибарыңызды әҳмийетли бир мәселеге қаратпақшыман: Қорғаныў доктринасы қағыйдалары қағазда қалып кетпей, биз оларды турмысқа сөзсиз енгизиўди тәмийинлеўимиз шәрт.
Усы мүнәсибет пенен Олий Мажлис Қорғаныў доктринасын әмелге асырыў, бул мәселе бойынша турақлы түрде парламентлик қадағалаўды алып барыўы мақсетке муўапық болып табылады. Улыўма алғанда, депутатларымыз бенен сенаторларымыз қорғаныў ҳәм әскерий қурылыс мәселелерине бийпәрўа болмай, усы бағдарда өз жумысларын күшейтиўи, ҳәр бир шеректе еки мәрте Олий Мажлис палаталарының мәжилислеринде усы бағдардағы жумыслардың жағдайын додалап барса, жақсы болар еди.
Төменги палатаның ҳәм Сенаттың Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери бойынша комитетлериниң баслықлары, қорғаныў министри ҳәм басқа да тийисли структуралардың басшылары төмендеги ўазыйпаларды әмелге асырыўы зәрүр:
– әмелдеги нызамшылыққа тийисли өзгерислер менен қосымшалар киргизиў, Қорғаныў доктринасы тийкарында Өзбекистан Республикасы Қураллы Күшлерин стратегиялық қоллаў бойынша ҳүжжетлер қайта исленип шығарылыўын тәмийинлеў;
– әскерий хызметкерлер, жәмийетшилигимиз ҳәм шет елли шериклеримиз арасында қорғаныў бойынша сиясатымыздың тийкарғы принциплерин түсиндириў бойынша кең көлемли жумысларды шөлкемлестириў зәрүр. Бул бағдарда усы сиясаттың ашық-айдынлығы және қәўипсизлик ҳәм қорғаныў тараўында басқа да шет еллер менен әмелий қатнасықларды раўажландырыў биз ушын үлкен әҳмийетке ийе екенине итибар қаратыў зәрүр.
Екиншиден, Қорғаныў доктринасының қағыйдаларын ҳәм елимиздиң геостратегиялық жайласыўын есапқа алған ҳалда, әскерий округлердиң структуралық дүзилиси ҳәм ўазыйпалары түп-тийкарынан қайта көрип шығылды.
Атап айтқанда, Қорғаныў министрлигиниң барлық бирлеспелери менен бөлимлериниң структуралық дүзилиси толық жаңаланды. Биз бөлимшелерге жаўынгерлик таярлық пенен толық шуғылланыў, әскерий хызметкерлердиң кәсиплик маманлығын арттырыў ҳәм өз бағдары бойынша ўазыйпаларды анық орынлаў ушын таяр болыўына айрықша итибар қараттық. Оған имканият бермеген структуралардан пүткиллей ўаз кештик.
Соннан келип шыққан ҳалда, ҳәр бир офицер менен сержант ийелеп турған лаўазымына қарамастан, өз жумысына сын көзқарастан баҳа бериўи керек. Олар «Мен келешекте хызметти даўам еттириўге мүнәсиппен бе ямаса жоқ па!» деген сораўға жуўап бериўи шәрт.
Мен әскерий хызметкерлеримиздиң физикалық ҳәм руўхый жақтан таярлығына байланыслы бир қатар машқалаларға итибар қаратпақшыман. Неге дегенде, физикалық таярлық әскерий хызметкерлер ушын өз хызметинде, әскерий карьерасында ҳәм улыўма, турмыс тәризинде шешиўши факторлардан бири болыўы зәрүр.
Әскерий хызметкерлердиң руўхый жақтан шыдамлы болыўы туўралы сөз еткенде, соңғы пайытта дүньяның ҳәр қыйлы регионларында жүз берип атырған қураллы соқлығысыўларда көзге тасланып атырған бир жағдайға итибарыңызды қаратпақшыман. Яғный, жаўынгерлик ҳәрекетлер даўамында жеке қурам арасындағы жоғалтыўлардың тийкарғы бөлеги күшли руўхый тәсирлерге ҳәм соққыларға байланыслы екени белгили болмақта. Бундай руўхый жарақатларды ҳәттеки тыныш турмыс шараятында да емлеў оғада қыйын мәселе.
Усы мүнәсибет пенен тийисли министрликлер менен ведомстовлардың басшылары барлық категориядағы әскерий хызметкерлердиң физикалық ҳәм руўхый жақтан таярлығы бойынша принципиал жақтан жаңа нормативлик ҳүжжетлер ислеп шығыўы зәрүр. Бул бағдарда тийкарғы итибарды әскерий-әмелий мәселелерди шешиўге бағдарлаў зәрүр. Әскерий хызметкерлер ҳәр тәреплеме саламат ҳәм шыдамлы болыўы, ҳәр қандай қыйын физикалық ҳәм руўхый сынақларға шыдам бериўи керек.
Әскерий бөлимлердеги шөлкемлестириўшилик-штат өзгерислерине байланыслы мәселелерге және бир мәрте итибар қаратып, атап өтпекшимен: ҳәзирги ўақытта Қорғаныў министрлиги тәрепинен әскерлерди жаңа шөлкемлестириўшилик структураға өткериў жумыслары басланды. Бул жумыслар жаңа оқыў жылына шекем жуўмақланыўы зәрүр.
Әне, усы илажлар туўралы сөз еткенде, қорғаныў министриниң ҳәм оның орынбасарларының итибарын усы ўазыйпалардың қаншелли әҳмийетли екенине қаратпақшыман. Олардың орынланыўын жеке өзим қадағалап бараман.
Қураллы Күшлер Бас штабының баслығы П.Эргашев бул бағдарда тек ғана механизм жаратыў емес, ал оны нәтийжели ислетиў оғада үлкен әҳмийетке ийе екенин терең аңлап жетиўи керек. Әскерлер қәлеген минутта өз алдына қойылған ўазыйпаларды орынлай алыўы керек. Олар жаўынгерлик таярлықтың жаңа системасы бойынша турақлы шуғылланып барыўы, барлық әскерий хызметкерлер ҳақыйқый профессионал кадр болыўы ушын өз тараўын пуқта ийелеўи шәрт.
Не ушын бул талаплар бүгин күн тәртибине кескин қойылмақта? Себеби Қорғаныў министрлигиндеги көплеген лаўызымлы шахслардың исенимди ақламағаны, өзлерин көрсетиўде төмен дәрежеге жол қойғаны, оларда интаның жоқлығы, еркин қарарлар қабыл етиўди, жуўапкершиликти өзине алыўға таяр емеслиги буған себеп болмақта.
Бизде, оларға өз талантын әмелде көрсетиўи ушын барлық имканиятлар жаратып берилген еди. Бундай кемшиликлер қорғаныў министрлигиниң бурынғы басшыларының жумыс нәтийжеси, десек қәте болмайды. Ашық айтыў керек, олар тийкарынан ески усыллар менен ислеп, әскерлер менен турақлы байланыс орнатпаған, әскерий кадрлар таярлаў мәселесине анық итибар қаратпаған, зәрүр жағдайларда еркин қарар қабыл етиўде оларға исеним жетиспеген.
Тилекке қарсы, соның ақыбетинде бизде көп жағдайларда әскерий баслықлар жоқарыдан буйрық күтип отырыўға үйренип қалды. Және бир мәрте қайталап айтаман: ҳәр бир командир ҳәм сәркарда өз әскерий бөлиминиң ҳәм округиниң шараятынан, бар жаўынгерлик жағдайдан келип шыққан ҳалда, оперативлик түрде ҳәр тәреплеме тийкарланған, еркин қарар қабыл ете алыўы шәрт.
Мен қорғаныў министриниң усынысына бола, министрдиң еки орынбасарын, Қураллы Күшлер академиясының басшысын ҳәм Шыршық әскерий билим бериў орнының баслығын лаўазымынан азат еттим. Ҳәзирге шекем әскерий округтиң әскерлер сәркардасы ўазыйпасын ўақтынша атқарып киятырғанлардан бири бул лаўазымға тастыйықланбады.
Соның менен бирге, қойылған талапларға жуўап бермей атырған ҳәм әскерлер менен белсенди ислесиўден өзин шетке алған 40 қа шамалас әскерий хызметкер қорғаныў министри тәрепинен жумыстан босатылғаны, 36 сының лаўазымы түсирилгени неден дәрек береди! Бул биринши гезекте, тараўда әскерий кадрлардың жумысын анық баҳалаўдың рейтинг системасы жоқ екенин, ақыбетинде кадрларды таңлаў ҳәм орны-орнына қойыў жумыслары қанаатланарсыз екенин көрсетеди.
Мине, усы ҳәм басқа да бар кемшиликлерди сапластырыў, системада барлық жумысларды заман талаплары дәрежесинде шөлкемлестириў, әскерий тараўда реформаларды буннан былай да тереңлестириў мақсетинде Мен бас штаб баслығы және барлық әскерий округ сәркардаларын жаңадан тайынладым.
Усы мүнәсибет пенен бәршеңизге ескертип айтпақшыман: 2018-жыл сизлер ушын үлкен сынақ жылы болады. Неге дегенде, ҳәр бир округтиң алдында турған ўазыйпалар, бар қәўип-қәтерлер бир-бирине уқсамайды. Оны ҳәр бир басшы терең билиўи ҳәм өз жумысы ушын зәрүр жуўмақ шығарып алыўы лтийис.
Және бир әҳмийетли мәселе – Қорғаныў министрлигиниң бөлимлери менен мәкемелериниң санын оптималластырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар шеңберинде әскерий қалашаларды инвентаризациядан өткериў зәрүрлиги жүзеге келмекте. Усы мүнәсибет пенен Бас министрдиң биринши орынбасары А.Раматов ҳәм орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының басшылары қорғаныў министри А.Азизов пенен биргеликте барлық перспективалы әскерий қалашалардағы бар жағдайды, мәселеге анық қатнас жасаған ҳалда, пуқта талқылаўы зәрүр.
Бул бағдарда босап атырған әскерий қалашаларды белгиленген тәртипте тийисли ведомстволарға бериў ҳәм келешекте олардан мақсетли ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў бойынша қадағалаў орнатыў Бас министр А.Ариповқа жүкленеди.
Соңғы пайытларда Қураллы Күшлердиң шөлкемлестириўшилик структурасы бойынша әмелге асырылған илажлар туўралы сөз еткенде, Миллий гвардия шөлкемлестирилгенин айрықша атап өтиў зәрүр. Усы арнаўлы әскерий бөлимшениң жумысы жәмийеттиң ҳәм мәмлекеттиң қәўипсизлигин тәмийинлеў, инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин әмелге асырыў, халықты ҳәр қыйлы терроршылық қәўип-қәтерлерден, жынайый ҳәм басқа да нызамсыз ис-ҳәрекетлерден қорғаўға қаратылғаны белгили.
Қысқа ўақыт ишинде Миллий гвардия елдиң қәўипсизлигин тәмийинлеў системасындағы әҳмийетли буўынға айланды ҳәм Қураллы Күшлердиң структуралық бөлимлери менен жақыннан бирге ислесиўди жақсы жолға қойды.
Тилекке қарсы, соңғы 15-20 жыл даўамында жәмийетлик тәртипти ҳәм қәўипсизликти сақлаў мәселелерине надурыс қатнас жасаў себепли бул әҳмийетли мәселе итибарыңыздан шетте болып келди. Соның ишинде, Қәўипсизлик кеңеси де буған толық итибар бермегенин ашық айтыў керек. Бул системаның анық ийеси болмаған, бул мәселелер менен шуғылланатуғын бөлимшелер гәҳи Ишки ислер министрлиги, гәҳи Қорғаныў министрлигиниң қарамағында болып келген. Сол себепли бул бөлимшелер өз орнын таба алмады. Жәмийетлик тәртипти ҳәм қәўипсизликти сақлаў бойынша оқыў-шынығыўлары дерлик өткерилмеген. Оператив ўазыйпаларды орынлаў зәрүр болған пайытта ҳәр қыйлы бюрократлық тосқынлықларға дус келинген. Нәтийжеде оператив қарарлар өз ўақтында қабыл етилмеген, ўазыйпалар нәтийжели орынланбаған.
Себеби пүткил дүньяда ел ишинде тәртип-қағыйданы ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў менен армия емес, Қорғаныў министрлиги емес, ал айрықша структуралар шуғылланады.
Бүгинги күнде биз «Қәўипсиз қала – қәўипсиз ел» концепциясы тийкарында елимизде жәмийетлик тәртипти тәмийинлеўге қаратылған үлкен жумысларды әмелге асырып атырғанымыз белгили. Усы мүнәсибет пенен мине, усы жаңа структура, яғный, Милий гвардия шөлкемлестирилди. Енди буннан былай ҳәр бир қала менен ўәлаятта қәўипсиз аймақ жойбарын әмелге асырыў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ушын ишки ислер министрлиги менен бирге Миллий гвардия жуўапкер етип белгиленеди. Усы ўазыйпаларды орынлаў ушын Миллий гвардия орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, жәмийетлик шөлкемлер менен жақыннан бирге ислесип, жумыс алып барады.
Усы мүнәсибет пенен Миллий гвардия сәркардасы Б.Тошматовқа шөлкемлестириўшилик жумысларды тезирек жуўмақлап, өзиниң тиккелей ўазыйпасы болған жәмийетлик тәртипти ҳәм қәўипсизликти сақлаў мәселеси менен жақыннан шуғылланыў тапсырылады. Буннан былай елимизде жәмийетлик тәртипти ҳәм қәўипсизликти сақлаў мәселесине ишки ислер министри П.Бобожонов ҳәм Миллий гвардия сәркардасы Б.Тошматов жеке жуўапкер болады.
Ҳәзирги ўақытта Миллий гвардия тәрепинен әскерлердиң жумыс нәтийжелилигин арттырыўға бағдарланған илажлар әмелге асырылмақта, сондай-ақ, өз ўатанына садық, жоқары маманлықтағы әскерий кадрлар таярлаў системасын жетилистириў бойынша жумыслар даўам еттирилмекте.
Үшиншиден, елимиздеги барлық түрлес кәрханаларды бирлестирген Қорғаныў санааты бойынша мәмлекетлик комитетиниң шөлкемлестирилиўи миллий қорғаныў-санаат комплексин қәлиплестириў жолындағы биринши ҳәм әҳмийетли қәдем болды.
Соны ашық тән алыў керек, тийисли илимий ҳәм санаат потенциалына ийе болған ҳалда, биз 25 жыл даўамында елдиң қорғаныў-санаат комплексин шөлкемлестириўге улыўма итибар қаратпадық. Бул болса, Қураллы Күшлерди әскерий техника ҳәм қурал-жарақлар менен тәмийинлеў дәрежесине унамсыз тәсир көрсететуғыны тәбийғый.
Мысалы, радио байланыс үскенелерин ислеп шығарыў бойынша биз әмелге асырған жойбарды алып көрейик. Өзиңиз гүўасы болғаныңыздай, оны турмысқа енгизиў ушын тек ғана тоғыз ай жеткиликли болды. Бул туўралы айрықша ойлап көриў керек.
Раўажланған қорғаныў санааты инновациялық ҳәм жоқары технологияларға тийкарланған экономиканың ең тийкарғы структуралық бөлимлеринен бири болып табылатуғыны дүнья тәжирийбесинен белгили.
Экономиканың толық қорғаныў секторын жетилистириў бойынша биз баслаған жумыс жақын келешекте миллий армиямызды қурал-жарақ ҳәм әскерий техника менен тәмийинлеў менен бирге қосымша жумыс орынларын жаратыў, елимиздиң экономикасын диверсификациялаў имканиятын да беретуғынына исенемен.
Усы бағдарда әскерий ҳәм еки түрли мақсетте пайдаланыў мүмкин болған, импорттың орнын басатуғын, бәсекиге шыдамлы ҳәм экспортқа бағдарланған өнимлер ислеп шығарыўды өзлестириўге қаратылған комплексли ўазыйпаларды да шешиўимиз керек.
Елимизде қорғаныў санааты комплексин раўажландырыў бойынша үлкен потенциал ҳәм имканиятлар бар. Бирақ, биз олардан улыўма пайдаланып атырғанымыз жоқ. Мысалы, орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының басшылары аймақларда әскерий хызметкерлер ушын арнаўлы кийим-кеншеклер, экипировка, ҳәр қыйлы әсбап-үскенелер, кептирилген паёклар ислеп шығарыў, еки түрли мақсетте пайдаланыў мүмкин болған өнимлерди таярлайтуғын цехларды шөлкемлестириў бойынша үлкен имканиятларға ийе. Булардың барлығы бизге қосымша жумыс орынларын жаратыўда оғада қолайлы болады. Президенттиң жақында жәрияланған пәрманы менен сизлерге бул бағдарда тийисли ўәкилликлер берилген. Сизлер әскерий армия түрлериниң талаплары менен мүтәжликлерин үйренип, бул бағдарда жумысты дурыс шөлкемлестириўиңиз мүмкин-ғо!
Енди ўәлаят ҳәкимлериниң ҳәм округ басшыларының жумысына бул ўазыйпаның қалай орынланып атырғанына да қарап баҳа беремиз.
Биз Қорғаныў санааты бойынша мәмлекетлик комитетин Ташкент аўыл хожалығы техникасы заводының аймағында орналастырыў туўралы қарар қабыл еттик. Неге дегенде, бул комитеттиң басқарыў аппараты тиккелей өндирис орталығында турақлы жумыс алып барыўы зәрүр.
Бас министрдиң орынбасары Н.Отажанов ҳәм Қорғаныў санааты бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы А.Ибодуллаев 2018-жылы комитеттиң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша «жол картасы»н ислеп шығыўды қысқа мүддетте жуўмақлап, Қураллы Күшлердиң бүгинги жағдайын ҳәм келешектеги перспективаларын есапқа алып, оны әмелге асырыўға кирисиўи зәрүр.
Бул бағдарда тийисли мәкемелердиң ҳәм шет елли шериклеримиздиң жетекши шөлкемлери менен келисимлер дүзиў ҳәм мәмлекетлераралық комитетлер мәжилислерин өткерген ҳалда, тиккелей тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў керек.
Бас министр А.Арипов, Бас министрдиң орынбасары Н.Отажонов, Қәўсипсизлик кеңесиниң хаткери В.Маҳмудов, Қорғаныў санааты бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы А.Ибодуллаев, Илимлер академиясының президенти Б.Йўлдошев 15 күн мүддетте усы мәселе бойынша тийисли ҳүжжетлерди таярлап, көрип шығыў ушын киргизсин.
Төртиншиден, елимиздиң қорғаныў қәбилетин беккемлеўде орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысын ҳәм ролин арттырыў бойынша жумыслар сапа жағынан пүткиллей жаңа басқышқа көтерилди. «Миллий армиямыз – бизиң мақтанышымыз ҳәм ар-намысымыз» принципи тийкарында аймақларда қорғаныў саласында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты алып барыў, армия ҳәм халықтың бирлигин тәмийинлеў мақсетинде әскерий-ҳәкимшилик секторлар шөлкемлестирилди.
Ҳәммемиз бир пикирди жақсы түсинип алыўымыз керек: ел-халқымыздың тынышлығын тәмийинлеў мақсетинде бүгин қорғаныў саласында әмелге асырылып атырған реформалардың қаншелли нәтийже бериўи армия ҳәм халықтың бирлигине байланыслы.
Тилекке қарсы, жасларды, улыўма, елимиздиң халқын әскерий – ўатандысүйиўшилик руўхында тәрбиялаў жумысларына Қорғаныў министрлиги менен басқа да тийисли ведомстволар тәрепинен толық әҳмийет берилмеген, десек, ҳақыйқатты айтқан боламыз.
Биз бул бағдарда төмендеги жағдайларды есапқа алған ҳалда әскерий-ҳәкимшилик секторлар шөлкемлестириў туўралы қарар қабыл еттик.
Бириншиден, әскерий округлер ҳәм орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары арасындағы өз-ара бирге ислесиў дәрежеси әскерий бөлимлерде жүзеге келген әҳмийетли машқалаларды шешиў бойынша жумысларды нәтийжели алып барыў имканиятын бермей атырған еди.
Бул илажлар тийкарынан мүддетли әскерий хызметке шақырыўлар, әскерий хызметкерлерди резервке босатыў ҳәм сондай-ақ, байрамлар ўақтындағы биргеликтеги жумыс пенен шекленетуғын еди.
Екиншиден, әскерий округлер менен бөлимлердиң лаўазымлы шахслары тәрепинен халық пенен пикирлесиў жолға қойылмаған еди. Ел-журтымызды әскерий қурылыс ҳәм елимиздиң қорғаныў қәбилетин беккемлеў тараўындағы өзгерислерден хабардар етиў, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары менен өз-ара бирге ислесиў бойынша жумыслар алып барылмаған еди.
Үшиншиден, жергиликли бюджет қаржыларын әскерий бөлимлердеги айрықша әҳмийетке ийе жойбарларды қаржыландырыў ушын тартыў бойынша әмелий механизм жоқ еди. Бул жағдай әскерий-ўатансүйиўшилик, әскерий хызметкерлерди социаллық қорғаў, әскерий инфраструктураларды раўажландырыўға байланыслы мәселелерди тез ҳәм нәтийжели шешиў имканиятын бермейтуғын еди.
Төртиншиден, ең жаманы, жасларды әскерий-ўатансүйиўшилик ҳәм руўхый-әдеп-икрамлылық қәдриятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў ҳәм оқытыў, жас әўладты бизиң халқымызға пүткиллей жат болған бузғыншы идеялардан қорғаў мәселелерине зәрүр дәрежеде итибар қаратылмады.
Әсиресе, диний экстремизм идеяларына берилип, жолдан адасқан жасларды саламат турмыс тәризине қайтарыўда биз Қураллы Күшлер қатарында хызмет етип атырған әскерлер ҳәм офицерлеримиздиң потенциалынан пайдалана алмай атырмыз.
Ўатанды қорғаўда шыныққан мәрт азаматларымыз өзиниң ерлик ҳәм мәртлик пазыйлетлери, жоқары ўатансүйиўшилик сезими менен абырой-итибарға ийе болған әскерий хызметкерлеримиз жасларға ҳәр тәреплеме үлги болыўы мүмкин.
Бир пикирди ҳеш қашан умытпаўымыз керек: армияны материаллық жақтан барлық заманагөй зәрүр техникалар ҳәм үскенелер, қурал-жарақлар менен тәмийинлеў мүмкин. Бирақ жеке қурам руўхый жақтан әззи болса, яғный, әскерлеримиз бенен офицерлеримизде жаўынгерлик руўх, Ўатанға сүйиспеншилик ҳәм садықлық, оның тәғдири ушын жуўапкершилик болмаса, ямаса, олардың арасында бийпәрўалық ҳүким сүрсе, бундай жағдай оғада жаман ақыбетлерге алып келиўи мүмкин.
Бүгинги мәжилистиң барлық қатнасыўшылары ҳәм орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары басшылары бул мәселени үлкен турмыслық әҳмийетке ийе, елимиздиң ҳәм пуқараларымыздың қәўипсизлигине, миллий армиямыздың қорғаныў қәбилетине тиккелей тәсир ететуғын оғада әҳмийетли ўазыйпа сыпатында қабыл етсин.
Бесиншиден, жас әўладымызда қатаң турмыслық позицияны ҳәм Ўатанымыздың тәғдири ушын жоқары жуўапкершилик сезимин қәлиплестириў айрықша әҳмийетке ийе. Соны есапқа алып, елимизде орта мектептен баслап жоқары оқыў орынларына шекем қамтып алынатуғын үзликсиз әскерий билимлендириў ҳәм ўатансүйиўшилик тәрбиясы бойынша өзине тән бийбаҳа ҳәм бир пүтин система жаратылмақта. Бул система пүткиллей жаңа Қураллы Күшлер академиясын қәлиплестириўди, әскерий билим бериў орынлары, лицей ҳәм колледжлердиң жумысын жетилистириўди, «Темурбеклер мектеби» әскерий академиялық лицейлер шөлкемлестириўди нәзерде тутады.
Соның менен бирге, көрилип атырған илажларға қарамастан, әскерий кадрларды таярлаў системасы заман талапларына толық жуўап бермейтуғынын айтыў керек. Буның себеби – айырым лаўазымлы шахслар, мәселениң мазмунын ҳәм әҳмийетин жеткиликли дәрежеде түсинбегени менен байланыслы десек, дурыс болады.
Академияда оқыў процесин шөлкемлестириўде ескише көзқараслар елеге шекем сапластырылмаған. Бундай жағдай менен келисиўге болмайды. Биз бул мәселеде бәрқулла заман менен тең қәдем таслаўымыз, керек болса, оннан алдында жүриўимиз зәрүр. Академияда ҳәм басқа да әскерий оқыў орынларында заманагөй шараятларды көз көреки жаратқанымыз жоқ. Керисинше, курсантларымыз ҳәм тыңлаўшыларымыз билимлендириў тараўында ең алдынғы, инновациялық билим ҳәм көнликпелерге ийе болыўы зәрүр. Мине, бизиң тийкарғы мақсетимиз.
Буннан тысқары, әскерий армияларды заманагөй техника ҳәм қурал-жарақлар менен тәмийинлеў мәселесиниң үлкен әҳмийетке ийе екенин есапқа алып, жоқары маманлықтағы офицер кадрларды тарялаўда шет тиллерди, соның ишинде, рус тилин үйрениўге айрықша әҳмийет қаратыў керек.
Сондай-ақ, әўладлар арасында байланыслылық ҳәм устазлық дәстүрлер жоғалғаны да үлкен машқала болып қалмақта. Буның себеби, биринши гезекте, айырым басшылардың өзине орынбасарлар таярлаў, өзиниң «жыллы орны»н жасларға босатып бериўди қәлемеўине байланыслы. Олар жаслардың маманлығын арттырыўға ҳәм хызмет текшелеринен көтерилиўине саналы түрде тосқынлық болмақта, десек бул да ҳақыйқат.
Мен итибар бермекши болған және бир мәселе, бул – кадрларымызды шет еллерде таярлаўға байланыслы. Бизге белгили болғанындай, биз асып-тасып атырған бай мәмлекет емеспиз, соның ушын терең ойланбай қараўға ҳақымыз жоқ. бул бағдарда талабанларды ҳәр тәреплеме пуқта сайлап алыўымыз ҳәм таярлаўымыз керек. Олар алған билим ҳәм тәжирийбелерин соңғылығында әмелде қолланыўға ҳәм енгизе алыўға уқыплы болсын. Соның менен бирге, жаңа билим ҳәм идеяларды және де кеңнен ен жайдырыў мақсетинде әскерий оқытыўшыларымызды шет еллерде таярлаў мәслесине үлкен итибар қаратыў зәрүр.
Бас министр А.Арипов, Мәмлекетлик кеңесгөй Р.Қасимов, қорғаныў министри А.Азизов Академияның жумысын жетилистириў бойынша жумыслардың биринши басқышын өз ўақтында ҳәм сапалы жуўмақлаўды, гезектеги илажларды әмелге асырыўды, соның ишинде, тийисли инфраструктураларды жаратыўды тәмийинлесин.
Миллий гвардия сәркардасы Б.Тошматов Әскерий-техника институтының жумысын жетилистириў бойынша қабыл етилген илажларды сапалы ҳәм толық әмелге асырыўды тәмийинлесин. Бул процессте жеке өзи қатнасып, бул институтты елимиздиң ең жақсы жоқары оқыў орынларынан бирине айландырыў керек. Келешекте армиямыз ушын жоқары маманлықтағы таяр кадрлар, керек болса, Қураллы Күшлер сәркардалары дәрежесиндеги талабанлар резерви әне, усы оқыў орнынан жетисип шығыўы зәрүр.
Бас министр А.Арипов, Бас министрдиң орынбасары Ж.Қўчқаров, Мәмлекетлик кеңесгөй Р.Қасимов, Миллий гвардия сәркардасы Б.Тошматов Әскерий-техника институтының материаллық-техникалық базасын ҳәм кадрлар потенциалын арттырыў бойынша бир ай мүддетте Президент қарарының жойбарын таярлап, белгиленген тәртипте киргизсин.
Қорғаныў министриниң орынбасары А.Икрамов:
– жоқарыда айтып өтилген машқалаларды есапқа алған ҳалда, кадрлар менен ислесиў, оларды таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў бойынша нәтийжели системаның жумысын тәмийинлесин, жоқары әскерий билимлендириў мәкемелери менен елимиздеги ҳәм шет елдеги жетекши жоқары оқыў орынлары арасында тығыз бирге ислесиўди жолға қойсын;
– бай әмелий тәжирийбеге ийе болған әскерий хызметкерлер арасынан ең мүнәсип шахсларды оқытыўшылық жумысы ушын таңлап алыў бойынша нәтийжели системаны енгизсин. Таңлап алынған оқытыўшылардың маманлығын арттырыўды сондай жолға қойыў керек, олар жас кадрларды таярлаўда өзиниң потенциалын және де толық жумсаўға ериссин. Усы мүнәсибет пенен биз айырым әскерий пенсионерлерди оқытыўшылық жумысына тартыў бойынша қарар қабыл еттик.
Миллий гвардия сәркардасы Б.Тошматов Миллий гвардия оқыў орынларында да әне усындай системаны енгизсин.
Усы мүнәсибет пенен Қураллы Күшлер академиясы жанында елимиздеги барлық әскерий билимлендириў бағдарындағы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим бериў орынларының жумысын оқыў процеси ҳәм илимий көз-қарастан муўапықластыратуғын Илимий-методикалық кеңес шөлкемлестирсин. Бул кеңеске басшылық етиў Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.Маҳмудовқа, кеңес баслығының орынбасары ўазыйпасы болса Мәмлекетлик кеңесгөй Р.Қасимовқа жүкленсин.
Алтыншыдан, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелигин арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған ҳәрекетлеримиздиң логикалық даўамы сыпатында Қураллы Күшлер системасында Өзбекистан жаслар аўқамының басланғыш шөлкемлери шөлкемлестирилди ҳәм өз жумысын баслады. Бул, өз гезегинде, жас әскерий хызметкерлерди ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, оларды елимизде әмелге асырылып атырған реформалар процесине тартыў, интеллектуаллық ҳәм дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыўға хызмет етпекте.
Бизге белгили, ҳәзирги ўақытта Өзбекистан жаслары аўқамы тәрепинен елимиздеги әскерий структуралар менен биргеликте жетилисип киятырған жас әўладты әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бойынша жумыс алып барылмақта ҳәм оның нәтийжесин арттырыў лазым.
Қорғаныў министрлиги жанындағы Жәмийетлик кеңестиң регионаллық структураларын шөлкемлестириў арқалы бул кеңестиң ўазыйпалары қайта көрип шығылды ҳәм кеңейтилди. Бул кеңес ҳәм оның структуралары бүгинги күнде жәмийетлик бирлеспелер, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм әскерий бөлимлер арасында тығыз бирге ислесиўди тәмийинлеў бойынша исенимли көпирге айланды. Олар әскерий хызметкерлер ҳәм шақырыўға шекемги жаслар арасында жоқары руўхый-әдеп-икрамлылық пазыйлетлерди қәлиплестириў, әскерий хызметтиң абыройын арттырыў, әскерий хызметкерлерди ҳуқықый ҳәм социаллық жақтан қорғаўды күшейтиўге хызмет етпекте.
Бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжесин арттырыў мақсетинде Президенттиң Мәмлекетлик кеңесгөйи Қ.Қуронбаев, Қорғаныў министрлиги жанындағы Жәмийетлик кеңестиң баслығы И.Мирзаалиев, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайының басшысы А.Қадировқа тийисли министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте айрықша бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы тапсырылады.
Жетиншиден, шет еллер менен бирге ислесиў байланысларымыз сезилерли дәрежеде жеделлести. Шет елли шериклеримиз бенен әскерий ҳәм әскерий-техникалық бирге ислесиўди беккемлеў бойынша 13 әмелий ҳәрекетлер режеси ямаса «жол картасы» әмелге асырылмақта.
Усы жерде сонны да атап өтиў керек, әскерий тараўда халықаралық көлемдеги илажлар санының көбейиўине қарамастан, Қорғаныў министрлиги армияларының жумысына алдынғы шет ел тәжирийбелерин әмелий жақтан енгизиў дәрежеси төменлигинше қалмақта. Арттырылған тәжирийбени үйрениў ҳәм енгизиў бағдарындағы жумыслар системалы тийкарда алып барылмай атыр.
Усы мүнәсибет пенен қорғаныў министри А.Азизов бул мәселеге де айрықша итибар қаратыўы зәрүр. Миллий армиямызды заманагөй қурал-жарақ ҳәм техникалар менен тәмийинлеў процесинде әскерий хызметкерлеримизди профессионаллық жақтан соған сай тәризде таярлаў шешиўши ўазыйпалардан бири болып турыпты.
Қураллы Күшлер Бас штабының баслығы П.Эргашев әскерлердиң жаўынгерлик таярлығы бойынша системаны жетилистириў шеңберинде бул мәселеге де айрықша итибар қаратсын. Әсиресе, әскерий хызметкерлер тәрепинен заманагөй техника ҳәм қурал-жарақларды пуқта ийелеў, оларды қәстерлеп-сақлап пайдаланыў, бул бойынша жанылғы-майлаў материалларынан, оқ-дәри ҳәм басқа да ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў үстинен қатаң қадағалаў орнатыўға айрықша әҳмийет бериў зәрүр.
Сегизиншиден, елимизде әскерий хызметкерлерди, олардың шаңарақ ағзаларын ҳәм ветеранларды социаллық қорғаўды күшейтиў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.
Аймақларда көп қабатлы жайлар басқышпа-басқыш пайдаланыўға тапсырылмақта. Әскерий хызметкерлерди турақ жай менен тәмийинлеў бағдарында, соның ишинде, узақ мүддетли жеңилликли ипотека кредитлерин бериўди нәзерде тутатуғын жаңа қатнаслар енгизилмекте.
Бүгинги күнге шекем елимиз аймақларында 28 усындай турақ жай пайдаланыўға тапсырылды, 522 әскерий хызметкердиң заманагөй, ықшам квартиралар менен тәмийинленди.
Жақын еки ай ишинде және 720 әскерий хызметкердиң шаңарағы жаңа үйлерге көшип өтеди. Бул жумыслар турақлы тийкарда даўам еттирилип, ҳәр жылы 1500 Ўатан қорғаўшысының шаңарағы турақ жай менен тәмийинленеди.
Тилекке қарсы, бул мәселеде барлық басшылар берилген тапсырманың мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин толық түсинип жетпей атыр. Нәтийжеде бул жойбарды баслаў ҳеш бир себепсиз бир неше айға созылып кетти ҳәм жеке өзим усы мәселе менен шуғылланыўыма туўра келди.
2018-жыл ушын режелестирилген жайларды қурыў бойынша жумыслар бүгиннен-ақ басланыўы керек. Неге дегенде, быйыл әскерий хызметкерлердиң шаңарақлары ушын елимиздиң барлық аймақларында 100 көп қабатлы жай қурыў белгиленген. Бул бағдарда қандайда бир дәлил ямаса себеплерди айтыўға ҳеш кимниң ҳақысы жоқ, бул мәселе бойынша талап қатаң болады.
Буннан тысқары, әскерлерди азық-аўқат пенен тәмийинлеў бойынша биринши мәрте аутсорсинг системасы енгизилди. Аутсорсинг дегени сол, әскерий хызметкерлерге күнлик аўқат таярлап бериў менен енди армияның өзи емес, ал бийғәрез шөлкемлер шуғылланады. Бул жумысты шөлкемлестириў орынлардағы ҳәкимиятларға тапсырылады. Бундай системаның енгизилиўи жеке қурамды өзине тийисли болмаған ўазыйпалардан азат етип, әскерий хызметкерлердиң бар күш-жигерин өзиниң профессионал маманлығын арттырыўға қаратыў имканиятын береди. Биз бул бағдардағы жумысларды әлбетте даўам еттиремиз.
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
Бәршеңиздиң итибарыңызды әҳмийетли бир мәселеге қаратпақшыман. Буннан былай мен қайсы аймаққа хызмет сапарына баратуғын болсам биринши күни орынлардағы социаллық-экономикалық реформалардың барысы менен танысаман. Екинши күни болса, усы аймақтағы, әскерий-ҳәкимшилик секторлардағы жағдайды ҳәр тәреплеме үйренип шығаман. Жыл даўамында усы тәртипте жумыс алып барамыз. Ҳәкимлер, округ сәркардалары ҳәм басқа да тийисли жуўапкер басшылар буны әлбетте итибарға алыўы лазым.
Сизлерге белгили, әмелге асырылып атырған терең өзгерислер нәтийжесинде Өзбекистан Республикасы Қураллы Күшлери жәмийетимиздиң ажыралмас бир бөлегине, елимиздиң турақлылығы ҳәм раўажланыўының кепиллигине, әскерий хызметкерлер менен жасларды әскерий-Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўдың әҳмийетли институтына айланбақта.
Ҳәзирги ўақытта пүткил дүньяда, соның ишинде, әтирапымызда халықаралық терроризм, экстремизм ҳәм радикализм қәўпи барған сайын артпақта, айырым аймақларда қураллы соқлығысыўлар елеге шекем даўам етпекте. Әне усындай кескин жағдайдан келип шыққан ҳалда, жүз берген қәўиплерге қарсы мүнәсип соққы бериўге таяр болыўымыз, Өзбекистанның тыныш ҳәм турақлы раўажланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қураллы Күшлеримизди буннан былай да реформалаў оның жаўынгерлик таярлығын және қәбилетин арттырыў бойынша келешекте әмелге асыратуғын жумысларымызды избе-из даўам еттириўимиз зәрүр.
Усы мүнәсибет пенен тийкарғы ҳәрекетлеримизди төмендеги әҳмийетли ўазыйпаларға қаратыўды оғада әҳмийетли, деп есаплайман.
Бириншиден, елимиздиң қорғаныў қүдиретин беккемлеўде пуқаралық жәмийети ҳәм орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ролин арттырыў ҳәм жеделлестириў лазым.
Барлық буўындағы ҳәкимият уйымлары басшылары әскерлердиң күнделикли турмысында, әскерий қалашалар жаратыў ҳәм олардың инфраструктурасын жақсылаў, жасларды әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў ҳәм әскерий хызметкерлерде мақтаныш, садықлық ҳәм патриотлық сезимин, жаўынгерлик руўхты ҳәм қәлеген ўақытта Ўатанды қорғаўға таярлықты тәрбиялаўға белсене қатнасыўы шәрт.
Бул тараўда бирден-бир мәмлекетлик сиясатты ислеп шығыўда тийкарғы жуўапкершилик Қорғаныў министрлигине жүкленеди. Бул бағдарда әмелге асырылып атырған комплексли илажлар кең дүнья қарасқа ҳәм жоқары интеллектуаллық дәрежеге ийе болған, пуқаралық миннетин өтеўге жуўапкершилик пенен қарайтуғын жасларды тәрбиялаўға хызмет етиўи зәрүр.
Соның менен бирге, әскерий хызметти өтеп қайтқан жаслардың социаллық машқалаларын шешиўге, соның ишинде, оларды жумыс пенен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратыў лазым. Қураллы Күшлеримиз барлық мәмлекетлик уйымлар, мәкеме ҳәм кәрханалар ушын жетик кадрлар таярлайтуғын ҳақыйқый мәртлик ҳәм жоқары ўатансүйиўшилик мектебине айланыўына ерисиўимиз зәрүр.
Әскерий хызметкерлерди әскерий-ўатансүйиўшилик ҳәм руўхый-әдеп икрамлылық жақтан тәрбиялаўды буннан былай да күшейтиўге қаратылған илажларды әмелге асырыўда халқымыздың әййемги тарийхы, уллы бабаларымыздың мийрасы ҳәм олардың әскерий өнерди раўажландырыўға қосқан үлесин терең үйрениў үлкен әҳмийетке ийе.
Ўатан алдындағы миннетин өтеў ўақтында елимиздиң азатлығын, халқымыздың бүгинги тыныш ҳәм татыў турмысын тәмийинлеў жолында қурбан болған мәрт ҳәм батыр азаматларымыздың әзиз естелигине ҳүрмет көрсетиў биз ушын ҳәм парыз ҳәм қарыз.
Усы мүнәсибет пенен тийисли министрликлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары басшылары әне усындай қаҳарманларымыздың естелигин мәңгилестириў ҳәм олардың шаңарағына ҳәм жақынларына ҳәр тәреплеме ғамқорлық көрсетиў және қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумысларды буннан былай да күшейтиўи тийис.
Өзиниң хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында мәртлерше қайтыс болған әскерий хызметкерлеримиздиң ерлигин қәдирлеў, жас әўлад ушын өрнек үлгисине айландырыў мақсетинде Бас министр А.Ариповқа, Мәмлекетлик кеңесгөй Х.Султановқа тийисли министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте усы темаға бағышланған Еслеў китабын жоқары дәрежеде басып шығырыў бойынша усыныс таярлаў ўазыйпасы тапсырылады.
Екиншиден, әскерий округлердеги әскерлердиң жаўынгерлик қурамын буннан былай да жетилистириў, жаўынгерлик таярлығын ҳәм әскерий қәбилетин күшейтиў, сондай-ақ, әскерлерди басқарыў системасын автоматластырыў ҳәм оптималластырыў арқалы армиямыздың өзине жүкленген ўазыйпаларды нәтийжели орынлаў потенциалын арттырыўымыз зәрүр.
Үшиншиден, елимиздиң қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм шөлкемлестириўшилик-штат структураларын жетилистириў бойынша концептуаллық ҳүжжетлер жаңаланғаны мүнәсибети менен Қураллы Күшлерди режелестириў ҳәм оларды қолланыўдың нормативлик-ҳуқықый тийкарларын қайта көрип шығыў лазым.
Төртиншиден, әскерлердиң жаўынгерлик ҳәм оперативлик таярлық системасын буннан былай да жетилистириў, оқыў шынығыўларының белсендилигин, олардың нәтийжелилигин арттырыў – әҳмийетли ўазыйпа болып табылады.
Оқыў шынығыўлары әскерий бөлимшелерди мүмкиншилиги болғанынша толық қамтып алған ҳәм өз-ара биргеликте ҳәрекет ететуғын структураларды тартқан ҳалда өткерилиўи лазым. Сол тийкарда басқарыў уйымларының ҳәм бөлимшелердиң имканиятларын, әскерден баслап командирге шекем болған ҳәр бир әскерий хызметкердиң ҳәрекетин ҳәм жаўынгерлик ўазыйпаларды орынлаўда қолланылып атырған тактиканың мақсетке муўапықлығын ҳәм дурыс екенин баҳалаў мүмкин болады.
Бесиншиден, әскерлердиң реал талапларын системалы түрде талқылап барыў, олардың заманагөй қурал-жарақ ҳәм техника менен тәмийинлениў дәрежесин арттырыў турақлы дыққат орайымызда болыўы керек.
Бул бағдарда #орғаныў министрлиги, Қорғаныў санааты бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен 2018-2021-жылларға мөлшерленген армияларды модернизациялаў ҳәм заманагөй қурал-жарақ және әскерий техника менен тәмийинлеў бойынша комплексли бағдарламаны толық әмелге асырыў лазым.
Алтыншыдан, әскерий хызметкерлердиң социаллық тәмийнат системасын буннан былай да жетилистириў биз ушын ең әҳмийетли ўазыйпа болып қалады. Бул бағдарда 2020-жылға мөлшерленген Қураллы Күшлерди социаллық раўажландырыў системасын жетилистириў бойынша комплексли илажларды қабыл етиў үлкен әҳмийетке ийе.
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
Бүгинги мәжилисти жуўмақлар екенбиз, төмендеги мәселелерди айрықша атап өтиў зәрүр, деп есаплайман.
Бириншиден, Қураллы Күшлер, әскерий округлер сәркардалығы, мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары басшылары ҳәм усы мәжилиске қатнасып атырған барлық лаўазымлы шахслар жақсылап түсинип алсын: бизиң барлық күш ҳәм имканиятларымыз мен бүгин қысқаша билдирген, күни кеше қабыл етилген анық илажлар комплексин әмелге асырыў ушын толық жумсалыўы шәрт.
Екиншиден, жақынласып киятырған Ўатан қорғаўшылары күнин белгилеў мәселесине айрықша тоқтап өтиў зәрүр, деп есаплайман.
Бизге белгили, ҳәзирге шекем биз усы сәне мүнәсибети менен Ташкент қаласында республика көлеминде салтанатлы бир илаж өткериў менен шекленетуғын едик. Бундай тәжирийбе енди гөнерип қалды ҳәм оннан ўаз кешиў ўақты келди, деп ойлайман.
Бул мәселениң турмысымыздағы оғада әҳмийетли, шешиўши әҳмийетке ийе екенин есапқа алып, Ўатан қорғаўшылары күнин рәсмийликтен жырақ, көтериңки ҳәм тәсиршең руўхта, ҳақыйқый халық байрамы сыпатында, жаңаша тәризде шөлкемлестириў зәрүр. Бундай илажларды, әсиресе, аймақларда, Қарақалпақстан Республикасында ҳәм ўәлаятларда әскерий-ҳәкимшилик секторлары – жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары басшыларының қатнасыўында, жоқары дәрежеде өткериўге айрықша итибар қаратыў лазым.
Қәдирли дослар!
Сөзимниң жуўмағында сизлерди ҳәм шаңарақ ағзаларыңызды және бир мәрте Өзбекистан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 26 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни менен шын жүректен қутлықлайман.
Сизлердиң мақтанышлы ҳәм жуўапкерли хызметиңизде үлкен табыслар ҳәм шаңарағыңызға бахыт тилеймен.