Мәмлекетимизде коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў бойынша нормативлик-ҳуқықый база ҳәм система қәлиплестирилди.
Мәмлекетлик хызметлер көрсетиўди санластырыў арқалы инсан факторы минимал дәрежеге азайтылды. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер жумысының ашықлығын тәмийинлеў бойынша унамлы жетискенликлерге ерисилди.
Быйылғы жылы «Мәплердиң соқлығысыўы ҳаққында»ғы нызам қабыл етилгени коррупциялық факторларды өз ўақтында анықлаў ҳәм сапластырыўдың әҳмийетли механизмлерин белгилеп берди.
Усы нызамның әмелиятқа енгизилиўин тәмийинлеў мақсетинде қабыл етилген Президенттиң «Мәплер соқлығысыўы ҳаққында»ғы қарары менен мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге бир қатар ўазыйпалар жүклетилди.
Бул ўазыйпалардың орынланыўы бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың мәлимлемесин Сенат комитетлери мәжилислеринде тыңлаў белгиленген.
Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң мәжилисинде сол ҳаққында сөз болды. Нызамның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша белгиленген ўазыйпалар көрип шығылды.
Сыртқы ислер министрлиги, Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги ҳәм Туризм комитетиниң усы нызамның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша мәлимлемелери тыңланды.
Коррупциялық жағдайлар ишки қадағалаў системаларының жумысы жетерли дәрежеде әмелге асырылмай атырғаны ҳәм оның нәтийжесинде нызамның бузылыўына шараятлар жаратып берилип атырғаны атап өтилди.
Сенаторлар тәрепинен нызамшылыққа қайшы келетуғын бундай жағдайлар аймақтағы ҳәр бир кеңес ағзасынан өз алдына қойылған ўазыйпаларды толық орынлаў, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларды жеделлик пенен анықлыў ҳәм оларға шек қойыў, сондай-ақ олардың ақыбетлерин сапластырыў бойынша нәтийжели жумыс алып барыў зәрүрлигин талап ететуғыны атап өтилди.
Илажда нызамның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў илажларын әмелге асырыў бойынша комитет қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, министрликлер ҳәм уйымларға коррупцияға қарсы гүресиў бойынша алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин және де арттырыў бойынша комплексли илажлар көриў жүклетилди ҳәм тийисли көрсетпелер берилди.
Н.Абдураимова, ӨзА