Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры Ниғматилла Йўлдошев Корея Республикасының Өзбекстан Республикасындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Вон До Ён менен ушырасты.

Тәреплер еки мәмлекеттиң ўәкилликли уйымлары арасында ҳуқықый тараўда қәлиплескен  қатнасықлардың  бүгинги күндеги жағдайы, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, нызамлылық ҳәм ҳуқық-қағыйдаларды беккемлеўде  бирге ислесиўди және де раўажландырыўдың келешектеги перспективаларын додалады.

Атап айтқанда, кибержынаятшылыққа, экономикалық жынатларға ҳәм шөлкемлескен жынятшылықтың басқа түрлерине қарсы гүресиў, Өзбекстан Республикасы прокуратура уйымлары  жумысын санластырыў ҳәм жасалма интеллектти енгизиў тараўларында биргеликтеги  жойбарларды әмелге асырыў бағдарында келисимлерге ерисилди.

Бул ҳуқықый тараўда өз-ара қатнасықлардың беккемлениўине жаңа түртки  болыўына  исеним билдирилди.

Н.Абдураимова, ӨзА