Нөкис кәншилик институтында Орта арнаўлы кәсип-өнер мектеплери оқыўшылары арасында математика бойынша пән олимпиадасы болып өтти.

Олимпиада ашылыў мәресиминде институт директоры, профессор А. Каипбергенов соңғы жыллары елимизде Президентимиз басшылығында жаслардың билим ҳәм кәсип-өнер ийелеўине қаратылып атырған итибар ҳәм ғамқорлықлар, олардың қолға киргизип атырған табыслары ҳаққында айтып өтип, өткерилип атырған бул олимпиада оқыўшылардың келешектеги арзыўларының әмелге асыўына тийкар сыпатында хызмет ететуғынлығына тоқталды ҳәм қатнасыўшыларға табыслар тиледи.

Соны айтып өтиўимиз керек, институт администрациясы тәрепинен жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәм анық пәнлерге болған қызығыўшылығын еле арттырыў мақсетинде өткерилип атырған бул олимпиада районлардағы орта арнаўлы оқыў орынларынан 81 оқыўшы жаслар қатнасып, математика пәни бойынша өзлериниң ийелеген билим ҳәм көнликпелерин көрсетти ҳәм қыйын мәселелерди шешиў әмеллерин және бир мәрте сынақтан өткерди.

Қызықлы өткен олимпиада жуўмағында, биринши орынды Қоңырат районы 1-санлы кәсип өнер мектебиниң оқыўшысы Диярбек Куўандиков ҳәм Қанлыкөл районы кәсип өнер мектеби оқыўшысы Алишер Турдымуратовлар жеңип алыўға миясар болды.

Сыйлы екинши ҳәм үшинши орынларды болса, қанлыкөлли Самандар Пражатдинов ҳәм қоңыратлы Нурсултан Аймағамбетовлерге несип етти.

Олимпиада соңында жеңимпазлар ҳәм бир қатар белсенди оқыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы