Мәмлектимиз басшысының басламасы менен аймақтағы экологиялық жағдайларды жақсылаў, қоршаған орталықты, тәбийғый ҳәм биологиялық ресурсларды қорғаў, халықтың турмысы ҳәм жумысына унамсыз тәсирин және де жумсартыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында Траст фондының структурасы аймақ халқына көрсетилип атырған айрықша итибар ҳәм ғамқорлықтың ҳақыйқый үлгиси болды.

– Ҳақыйқатында да, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2020-жыл 29-декабрь күни Олий Мажлиске жоллаған гезектеги Мүрәжатында атап өткениндей, регионымызда, пүткил дүнья жүзинде экологиялық жағдайдың барған сайын төмелеп атырғаны бизлерди тәшиўишке салады, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетитиң баслығы Абдураҳман Сапаров. –  Бүгинги күнде қоңсылас мәмлекетлер ҳәм дүнья жүзи жәмийетшилиги менен биргеликте Арал теңизи апатшылығының ақыбетинде жүзеге келген экологиялық апатшылықлардың тәсирин жумсартыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, теңиздиң қурып қалған түбинде жүз мыңлаған гектар тоғай ҳәм путалықлар жаратылмақта.

Комитет баслығының атап өткениндей, Аралбойы регионында инсан қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша көп тәреплеме Траст фондына 13,8 миллион АҚШ доллары муғдарында қаржы келип түскен болса, соңғы еки жылда 300 миллион АҚШ доллары муғдарында қаржы бағдарланады. Бул қаржылар ишимлик суўы, халықтың денсаўлығы ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлик, экология, ирригация-мелиорация системаларын жақсылаўға жумсалады.

Арал теңизи суўының қурыған түбинде «жасыл қапламалар» – қорғаў тоғайларын қурыў мақсетинде кейинги еки жылда 1 миллион 567 мың гектар майданда сексеўил ҳәм шөлге шыдамлы өсимликлер егилди ҳәм бул жумыслар избе-из даўам етпекте. Усы жылдың бәҳәр мәўсиминде Арал теңизиниң қурыған түбинде 458,4 мың гектардан аслам майданда «жасыл қапламалар» қорғаў тоғайзарлықларын қурыў жумыслары орынланды. Нәтийжеде, теңиздиң суўының қурыған түбинен көтерилип атырған қум, дуз ҳәм шаң бөлеклериниң унамсыз тәсириниң азайыўы, тәбийғый теңсалмақлылық тикленип, ҳайўанат ҳәм өсимликлер дүньясының жанланыўы сезилмекте.

Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында улыўма майданы 2 миллион 420 мың гектар болған төрт қорғалатуғын тәбийғый аймақ бар. Оларға майданы  68717,8 гектар болған Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты, майданы 628300 гектар болған «Сайгачий» комплекси (ландшафт) буйыртпа қорықханасы, майданы 1447143 гектар болған «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағы, майданы 280507 гектар болған «Судочье-Акпетки» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасы киреди. Усы жылы майданы 350000 гектар болған «Барсакелмес» буйыртпа қорықханасы ҳәм майданы 250000 гектар «Возрождение» буйыртпа қорықханасы шөлкемлестириледи. Әлбетте, биокөптүрлилик ҳәм қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың қурылыўы Әмиўдәрья дельтасында тәбийғый тоғай ресурсларын қорғаў, қайта тиклеў және олардан турақлы пайдаланыў, Үстирт (платосы) тегислигиниң сийрек ушырасатуғын биологиялық көп түрлилигин исенимли қорғаў, экологиялық системаның жағдайын жақсылаў, өсимлик ҳәм ҳайўанатлардың сийрек ушырасатуғын түрлерин сақлап қалыў, оларды қайта тиклеўге хызмет етеди. Сондай-ақ, айрықша экологиялық баҳаға ийе болған тәбийғый объектлер ҳәм комплекслерди сақлап қалыў, оларды қайта тиклеў, Арал теңизиниң қурыған түбинде тәбийғый ландшафтларды қорғаўда айрықша әҳмийетке ийе.

Мәмлекетимиз басшысы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының сессиясында шығып сөйлеген сөзинде Аралбойы регионын экологиялық инновация ҳәм технологиялар аймағы, деп жәриялаўы ҳаққында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясын қабыл етиўди усыныс еткен еди. Бул усыныс мақулланып, усы жылдың 18-май күни болып өткен БМШ Бас Ассамблеясының 75-сессиясының жалпы мәжилисинде резолюция бир аўыздан қабыл етилди.

Бүгинги күнде «Аралбойы регионын экологиялық инновация ҳәм технологиялар аймағы» концепциясы және оны әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» ислеп шығылмақта. Соның ишинде, Арал апатшылығының ақыбетлерин сапластырыў ҳәм региондағы экологиялық жағдайды жақсылаў, теңиздиң қурыған түбинде жасыл терекзарлықлар жаратыў арқалы шөллениўиниң алдын алыў, регионда социаллық-экономикалық раўажланыўды хошаметлеў ҳәм климат өзгерисине бейимлесиў, экотуризмди раўажландырыў ҳәм басқа да илажлар әмелге асырылады.

Аралбойы аймағын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша белгиленген ўазыйпалар (бағдарламалар)дың орынланыўын орнына шыққан ҳалда үйрениў, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың есабатларын тиккелей аймақтың өзинде тыңлаў әмелиятын жолға қойыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының сегизинши жалпы мәжилисинде Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери комитети шөлкемлестирилди. Әлбетте, бул ҳәрекетлер регионды раўажландырыў, усы аймақта жасайтуғын халықтың жасаў шараятын жақсылаў, пуқаралардың денсаўлығын қорғаў, бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматын арттырыўға хызмет етеди.

 

 Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери