Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2006-жыл 25-июльдеги «Өзбекстан Республикасының илим ҳәм техника, әдебият, көркем өнер ҳәм архитектуралық тараўдағы мәмлекетлик сыйлықларды шөлкемлестириў ҳаққында»ғы пәрманына тийкарланып және Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 27-ноябрьдеги «Илим ҳәм технологиялар бойынша республикалық кеңесиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық Илим ҳәм техника тараўында Мәмлекетлик сыйлыққа төмендеги жумыслар бойынша ҳүжжетлер қабыл етиледи:

республика илимин раўажландырыўға үлкен үлес болып қосылған ҳәм халықаралық көлемде тән алынған фундаменталь изертлеўлер, жәмийеттиң социаллық-экономикалық, илимий-техникалық ҳәм руўхый ағартыўшылық бойынша раўажланыўына күшли тәсир еткен ойлап табыў ҳәм илимий қолланбалар, дүнья көлеминдеги ең алдынғы стандартларға сәйкес болған ҳәм әмелиятқа үлкен нәтийже менен енгизилген жаңа техника ҳәм технологиялар (биринши дәрежели сыйлық ушын);

– республика илиминиң белгили бир тармақларын раўажландырыўға салмақлы үлес болып қосылған ҳәм сырт еллерде тән алынған фундаменталь изертлеўлер, жәмийеттиң социаллық-экономикалық, илимий-техникалық ҳәм руўхый-ағартыўшылық раўажланыўына сезилерли тәсир көрсеткен ойлап табыўлар, илимий қолланбалар, билимлендириў мәкемелери ушын сабақлықлар, алдынғы стандартларға сәйкес болған ҳәм өндириске нәтийжели енгизилген жаңа технологиялар (екинши дәрежели сыйлық ушын).

Таңлаўда қатнасыў шәртлери:

Мәмлекетлик сыйлық жеке характерге ийе ҳәм қағыйдаға бола бир пуқараға бериледи.

Мәмлекетлик сыйлыққа усынылған жумыста бир неше шахстың үлеси шешиўге әҳмийетке ийе болған жағдайда ғана Мәмлекетлик сыйлық авторлар жәмәәтине берилиўи мүмкин. Авторлар жәмәәти бес адамнан аспаўы керек.

Бир неше пуқаралар тәрепинен орынланған жумысларды сыйлыққа усыныўда даўагерлер жәмәәтине тек жумысты орынлаўда тиккелей дөретиўшилик қатнасы ең жоқары дәрежеде ҳәм шешиўши әҳмийетке ийе болған тийкарғы авторлар ғана киргизиледи. Авторлар жәмәәтиниң қурамына кеңесгөйлик, администравтивлик ҳәм шөлкемлестириў жумысларын орынлаған пуқараларды киргизиўге жол қойылмайды.

Авторлар жәмәәтиниң қурамына қайтыс болған, бирақ жумыстың орынланыўында қосқан үлеси әҳмийетке ийе болған пуқаралар да киргизилиўи мүмкин.

Мәмлекетлик сыйлыққа ҳүкиметтиң басқа сыйлығы менен алдын сыйлықланған авторлар да бурынғысынан өзгеше түрде усыныс етилиўи мүмкин.

Мәмлекетлик сыйлыққа көрсетилип атырған илимий изертлеўлер баспасөзде жәрияланған, техника ҳәм технологиялар бойынша орынланған жумыслар өндириске енгизилген болыўы керек.

Таңлаўға төмендеги жумыслар қойылмайды:

олар бойынша илим ҳәм техника тараўында алдын Мәмлекетлик сыйлық берилген жумыслар;

бурын көрип шығылған, бирақ Мәмлекетлик сыйлыққа усыныс етилмеген жумыслар.

Таңлаўда қатнасыў ушын ҳүжжетлер шөлкемлер тәрепинен берилетуғын Мәмлекетлик сыйлыққа талабанлар бойынша усыныс хатқа тийкарланып қабыл етиледи.

Усыныс хат тийисли шөлкемниң рәсмий бланкасында шөлкем басшысы тәрепинен қол қойылған ҳалда усыныс етиледи. Басшының өзи сыйлыққа талабанлар қурамына кирген жағдайда ғана хатқа басшының орынбасары қол қояды.

Усыныс хатта төмендегилер көрсетилиўи зәрүр:

– автор (авторлар жәмәәти ушын – ҳәр бир автор)дың фамилиясы, аты ҳәм әкесиниң аты (паспорт бойынша), туўылған жылы ҳәм орны, жасаў мәнзили, жумыс ислеў орны ямаса жумыс түри, илимий дәрежеси ҳәм атағы (авторлардың фамилиялары әлипбе тәртибинде көрсетиледи);

-жумыстың аты;

– жумыстың усынылыўын тийкарлайтуғын нәтийжелер, техникалық-экономикалық көрсеткишлер ҳәм руўхый-ағартыўшылық әҳмийети, әмелге асырылыў көлеми;

– оның тамамланған, басып шығарылған ҳәм өнидириске енгизилген ўақыты.

Усыныс хатына төмендеги ҳүжжетлер қосымша етиледи:

жумысты усыныў ҳаққында, оның аты, сыйлыққа талабанлардың фамилиясы, аты ҳәм әкесиниң аты көрсетилген ҳалда мәкемениң илимий ямаса илимий-техникалық кеңеси мәжилисиниң, министрлик колегиясының ҳәм басқа да тийисли мәжилислердиң протоколынан көширме;

талабан ҳаққындағы мағлыўматнама (ямаса ҳәр бир талабанға – егер усыныс хаты авторлар топарының жумысларына берилип атырған болса);

талабанға минезлеме (ямаса ҳәр бир талабанға – егер усыныс хаты авторлар топарының жумысларына берилип атырған болса);

пуқаралық паспортының нусқасы (ямаса ҳәр бир талабанға – егер усыныс хаты авторлар топарының жумысларына берилип атырған болса);

тийкарғы жумыс орны бойынша кадрлар бөлими атынан тастыйықланған талабанның мийнет дәптершесиниң нусқасы (ямаса ҳәр бир талабанға – егер усыныс хаты авторлар топарының жумысларына берилип атырған болса);

жоқары мағлыўмат, илимий дәреже ҳәм атақ ҳаққындағы дипломлрдың нусқалары (ямаса ҳәр бир талабанға – егер усыныс хаты авторлар топарының жумысларына берилип атырған болса);

тийкарғы жумыс орны бойынша тастыйықланған илимий жумыслардың дизими (ямаса ҳәр бир талабанға – егер усыныс хаты авторлар топарының жумысларына берилип атырған болса);

алдын дөретиўшилик жумысларының тән алыныўы сыпатында берилген  сыйлық (лар) гүўалығы (гүўалықлары)ның нусқасы;

Мәмлекетлик сыйлықлар ҳаққындағы режеге муўапық республикада илим ҳәм техниканы раўажландырыўға қосқан үлеси ҳаққындағы тийкарланған хат (көлеми 10 беттен аспаўы, автор ямаса авторлар тәрепинен қол қойылыўы керек) және бир бетлик аннотация (электрон варианты менен);

– илимий жумыслар, монографиялар, сабақлықлардың басылымлары, машина ҳәм механизмлер, жаңа материаллар, конструкциялардың сыпатламалары, өндириске енгизилген жумыслардың актлери, ойлап табыўлардың протоколлары, қосымша сызылма, схема, карта, фотоальбом ҳәм макетлер, көлемли-космослық ҳәм басқа да түрлерде басып шығарылған нусқалары (билимлендириў мәкемелери ушын сабақлықлар бойынша тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың жуўмақлары қосымша етиледи);

авторлар жәмәәти тәрепинен орынланған жумыслар ушын ҳәр бир автордың жумысқа қосқан дөретиўшилик үлеси анық көрсетилген, ҳәр бир автор тәрепинен қол қойылған ҳәм тастыйықланған акт;

ҳәр бир автор ушын 4х6 см. өлшемдеги реңли фотосүўрет жабыстырылған хызметкерлерди есапқа алыў бети және мағлыўматнама-объективка ҳәм минезлеме (электрон варианты менен);

Таңлаўда қатнасыў ушын усынылған ҳүжжетлер үш нусқада усынылады.

Усынылатуғын ҳүжжетлер нусқаларының ҳәр бир топламы бөлек папкаға салынады. Басып шығарылған илимий мақалалар, монографиялар бир нусқадан да папкаға салынады. Папка үстине жумысты усыныс етиўши мәкемениң аты, жумыстың аты ҳәм автор(лар)дың фамилиясы, аты ҳәм әкесиниң аты толық жазылады.

Таңлаўда қатнасыў ҳүжжетлери Илимлер академиясы тәрепинен төмендеги мәнзил бойынша 2021-жылдың 25-январына шекем қабыл етиледи:

100047, Ташкент қаласы,

Яҳё  Ғуломов көшеси, 70-жай, 317-хана.

Таңлаўда қатнасыўға байланыслы мәселелер бойынша қосымша мәлимлеме алыў ушын төмендеги телефон номерине мүрәжатлар қабыл етиледи-Тел.: 71-233-59-46.

 

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Илим ҳәм

технологиялар бойынша республикалық кеңеси