20-октябрь күни Шанхай бирге ислесиўши шөлкемине ағза мәмлекетлер Бас прокурорларының он сегизинши мәжилиси болып өтти.

Видеоконференцбайланыс форматында өткерилген мәжилиске Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры Ниғматилла Йўлдошев басшылық етти.

Илажда ШБШ ға ағза, бақлаўшы және  пикир алысыў бойынша шерик мәмлекетлердиң бас прокурорлары, сондай-ақ, ШБШ Бас хаткери Владимир Норов,  ШБШ Регионаллық антитеррор  структурасы (РАТС) атқарыў комитетиниң директоры Жумахан Ғиёсов, Халықаралық  прокурорлар ассоциациясы президенти Чхол-Кю Хван қатнасты.

7.JPG

8.JPG

Мәжилисте атап өтилгениндей, ШБШ улыўмалық мәплерди қорғаўдың нәтийжели системасы болып есапланады. Жақсы қоңсышылық  ҳәм дослықты беккемлеў, регионда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеўде усы абырайлы структура әҳмийетли орын ийелемекте.

Шөлкемлестирилгеннен берли ШБШ мәмлекетлери арасында өз-ара ҳүрмет, түсиниў, жоқары дәрежедеги  исеним ҳәм биргеликте қарар қабыл етиў руўхы қәлиплести. Соның ишинде, коронавирус пандемиясына қарсы гүресте  Шөлкемге ағза мәмлекетлер бирлиги ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаўдың жоқары дәрежеси – «Шанхай руўхы» айқын  дәрҳал көзге тасланды.

ШБШ Мәмлекет басшылары кеңеси саммитлеринде жынаятшылыққа қарсы гүрес, соның ишинде, Шөлкемге ағза,  бақлаўшы ҳәм пикир алысыў бойынша шерик мәмлекетлер арасында бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм тереңлестириў арқалы ҳәрекетлерди бирлестириў зәрүрлиги айтып келинген.

9.JPG

Усы көз қарастан, бул әнжуманда  бақлаўшы ҳәм пикир алысыў бойынша шерик мәмлекетлер Бас прокуратуралары ўәкиллериниң қатнасыўы ШБШ шеңберинде ҳуқықый тараўда уйымлараралық бирге ислесиўди және де раўажландырыў ҳәм беккемлеўге хызмет етеди.

Прокуратура уйымлары арасында өз-ара пайдалы бирге ислесиўши улыўма мақсетке ерисиў, яғный ШБШ мәканында нызам үстинлигин ҳәм ҳуқықты тәмийинлеўдиң әҳмийетли факторы есапланады.

Коррупцияға қарсы гүресиў турақлы түрде дүнья жәмийетшилиги, әсиресе, ШБШ мәмлекетлери ушын да әҳмийетли мәселе екенлиги есапқа алынып, илажда усы иллетке қарсы гүресиў бойынша нәтийжели механизмлер додаланып, бул бағдарда өз-ара тәжирийбе алмасылды. Тараўдағы бар машқалалар конструктивлик түрде талланып, тийисли мәселелерди шешиў бойынша ҳәрекетлерди бирлестириўге қаратылған әҳмийетли илажлар белгиленди.

1.JPG

6.JPG

Мәжилис қатнасыўшылары исенимли түрде атап өткениндей, Бас прокуратуралардың кең көлемли жумыслар бойынша биргеликтеги ҳәрекети, басламалары халықаралық майданда ШБШ абырайын, глобал дәрежени және де арттырыўға хызмет етеди.

Өз гезегинде, регионаллық ҳәм глобал сиясатты қәлиплестириў механизми сыпатында дүнья халықларының ярымынан көбисин бирлестирген ШБШ ның Евразия регионында қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеўдеги орны беккемленип бармақта.

Мәжилис толық өз-ара түсинисиў руўхында, дослық орталықта өтти.

Мәжилис жуўмағы бойынша қол қойылған Билдириўде күн тәртибиндеги тийкарғы мәселелер бойынша  және ШБШ ға ағза мәмлекетлер Бас прокурорларының он тоғызыншы мәжилисин 2021-жыл Ҳиндстан Республикасында өткериў бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

5.JPG

2.JPG

 

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзА хабаршысы