Усы жылдыӊ 1-февраль сәнесинен баслап, Президент қарары тийкарында исбилерменлик субъектлериниӊ турақлылық рейтинги енгизилди. Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мағлыўматларына қарағанда, ҳәзирги ўақытта, рейтинг бойынша жоқары кѳрсеткишке ийе исбилерменлердиң саны артып бармақта.

2024-жылдыӊ 23-апрель жағдайына, рейтинг бойынша Қарақалпақстан Республикасында жумыс ислеп турған жәми 29 740 исбилерменлик субъектлеринен «ААА» (жоқары) категорияға ийе жәми 7,  «АА» категориясына ийе жәми 34, «А» катергориясына ийе жәми 58 исбилерменлик субъекти белгили болған.

– Сондай-ақ, орта категорияға ийе исбилерменлик субъектлериниң саны да артпақта,-дейди басқарманың мәлимлеме хызмети баслығы Б.Худайназарова. – Атап айтқанда, республикамызда «ВВВ» (орта) катергорияға ийе жәми 334, «ВВ» категориясына ийе жәми 860, «В» катергориясына ийе жәми 1 673, «ССС» (қанаатландырарлы) категорияға ийе жәми 1 350, «СС» категорияға ийе жәми 5 466, «С» категорияға ийе жәми 6 072, сондай-ақ, «D» (тѳменги) категорияға ийе жәми 13 886 бизнес субъектлери ҳәрекет етип келмекте.

Соннан, еӊ жоқары «ААА» категориясына ийе 7 исбилерменлик субъекти Нѳкис қаласы, Қанлыкѳл, Хожели, Шымбай, Тѳрткүл районларында жумыс алып барып атырғанлығын ѳз алдына атап ѳтиў орынлы.

Кәрханалардың рейтингин билиўди қәлеўшилер Саўда-санаат Палатасыныӊ https://chamber.uz/contractor-rating веб-сайты арқалы толық мағлыўмат алыўына болады.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги