Қарақалпақ поэзиясының сөнбес  жулдызы,  уллы сөз зергери, Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың 95 жыллығын халқымыз кең түрде белгилемекте. Халқымыздың сүйикли шайыры Ибрайым Юсуповтың атын мәңгилестириў, келешекте оның избасарларын таярлап шығарыў ҳәм оларға кең имканиятлар жаратып бериў мақсетинде тиккелей Президентимиздиң басламасы менен  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2017-жыл 15-февральдағы 68-санлы қарарына муўапық  дөретиўши ҳәм  талантлы  жасларға  билим  беретуғын  заманагөй үлкен мектеп бой тикледи.

Биз сәне мүнәсибети менен пайтахтымызда жайласқан Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектеп директоры Руслан Ташимов пенен сәўбетлесиў шөлкемлестирген едик.

-Мектептиң ашылғанына быйыл жети жылдың майданы болмақта. Үлкен үмитлер менен ашылған мектепте усы аралықта қандай табысларға ерисилди?

-Мектебимиз 216 орынға мөлшерленген болып,  ҳәзирги  ўақытта мектебимизде 191талантлы, билимли, дөретиўши оқыўшылар жаңа заманагөй билим бериў тийкарында тәлим алмақта. Оқыў орнымызда 29 жоқары ҳәм биринши  категориялы муғаллимлер болып, соннан 13 педагогымыз да шет тилин билиў бойынша халықаралық сертификат, 12 педагог болса өз қәнигелиги бойынша миллий сертификатқа ийе. Олар дөретиўши оқыўшыларға билимниң шексиз сырларын  үйретип  келмекте.

Педагоглар  арасында  филология илимлери  бойынша  философия докторы (PhD) илимий дәрежесин  табыслы  жақлап  шыққан   ҳәм   Министр фонды үстемеси  жеңимпазы болған, оқыўшысы ҳәр жылы пәнлер олимпиадасында алдынғы орынларды  алып  киятырған   пидайы  устаз  З.Казымбетованы,  «Дослық»  ордениниң ийеси,  көп жыллық тәжирийбеге ийе өзбек тили пәни оқытыўшысы Гүлжан  Абдуллаеваны, шет тилин билиў және халықаралық сертификатларға  ийе болған жас устазларымыздан инглис тили пәни оқытыўшысы Үмитгүл Юсупова, Гүлсанем Қурбановаларды атап өтиў орынлы. Мектебимизде бундай  пидайы  устазларымыз  көп. Олардың пидайылыға, жанкүйерлиги  арқасында  мектебимиз  оқыўшылары  ҳәр жылы  бир қанша табысларға ерисип келмекте.

2022-2023-оқыў жылындағы мектеп питкериўшилеримиз 100 процент  жоқары оқыў орынларының студенти болыў бахтына миясар болды. Олардың бир нешеси сырт  елдеги  абырайлы  оқыў дәргайларында оқып,  билим алмақта.

Сондай-ақ, бүгинги күнге  шекем 47 оқыўшымызда шет тилин билиў дәрежесине ийе халықаралық  сертификат, ал 19 оқыўшымыз пәнлерден миллий сертификатқа  ийе болды.

Пәнлер олимпиадасы ҳәм агентлик олимпиадасында, Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлигине қараслы дөретиўшилик мектеплери арасында өткерилип киятырған таңлаўларда да оқыўшыларымыз ҳәр жылы 1,2,3-орынларды алып келмекте, 9-класс оқыўшыларымыздан Айзада Әжиниязова ҳәм Ақсынгүл Тилеўбергеновалар өз таланты менен халықаралық таңлаў жеңимпазлары болды. Бир неше оқыўшыларымыздың мақалалары сырт ел илимий журналларында басып шығарылды. Сондай-ақ,  мектебимизде атақлы шайыр-жазыўшылар, илимпазлар, мәмлекетлик ғайраткерлер менен  ушырасыўлар,   шеберлик  сабақлары өткерилип турады. Оқыўшыларымыз ол инсанлардан дөретиўшилик сырларын үйренип, керекли мәсләҳәтлер алыўының  нәтийжесинде бүгинги күнге шекем 13 талантлы дөретиўши оқыўшыларымыздың жеке топламлары баспадан шығып кең жәмийетшиликке усынылды.





Агентлик  тәрепинен  ҳәр жылы баспадан шығып атырған «Ижод боғидан гулдаста» атлы  дөретиўшилик  топламында  25 тен аслам оқыўшыларымыздың қосық ҳәм гүрриңлери орын алған болса,  2022-жылы  мектеп  оқыўшыларының  «Аязий бағынан гүлдәсте»  деп  аталған көлемли топламы баспадан шықты. Мектебимизде келешегинен үмит күттиретуғын таланты жасларымыз көп, солардан бири «Ёш китобхон» таңлаўының  Өзбекстан Республикасы басқышында  2-орын ийелеген және бир неше таңлаўлар жеңимпазы, 9-класс оқыўшысы Диана Аблахимова өзиниң Ибрайым  атамызға  арнап  жазған  қосығында.

                             Мен қосықлар жазаман

                                      Жаслығымнан етип әрман,

                                   Дүр таўалсам поэзиядан,

                             Ибрайым атамыздай.

 

-деп, Ибрайым Юсуповты «поэзиядан дүр тапқан шайыр» екенлигин тәрийплеп, сондай ҳүрметли шайыр болыўға умтылатуғынлығын жазады.

Мектебимизде бир неше пән ҳәм  қәнигелик дөгереклери оқыўшыларға кластан тыс пайытларда өз қызығыўшылығына қарай бағдар береди, билимин толықтырады.  «Жас аўдармашылар» дөгерегинде алған билимлериниң нәтийжесинде олар Ибрайым Юсуповтың ҳәм басқа да шайыр-жазыўшылардың  қосықларын, шығармаларынан үзиндилерди  қарақалпақ, өзбек, инглиз тиллерине еркин аўдарма ислей алады.

Мектебимизде бундай дөретиўши оқыўшылар жүдә көп, олардың  ҳәр бири келешекте елимиз раўажланыўына үлкен үлес қосатуғын И.Юсуповтың избасарлары екенлигин сөзсиз дәлиллеп беретуғын халық сүйген шайыр-жазыўшылар, журналистлер,  аўдармашылар,  белгили  кәсип  ийелери  болатуғынынан  үмитимиз көп.

Президентимиздиң атап өткениндей,  «Жаслар-бизиң алтын фондымыз».  Журтбасшымыз  жасларға усындай мектеплерди салып берип,  билим  алыўларына  кең мүмкиншиликлер жаратып берди. Бундай  имканиятлардан  ҳәр  бир оқыўшы-жаслар  нәтийжели пайдаланыўы керек.

-Быйыл шайыр И.Юсуповтың  туўылғанына 95 жыл толмақта. Оқыў орныңызда шайырдың туўылған күн сәнеси қалай белгиленди?

-Сәне мүнәсибети менен елимизге белгили жазыўшы, шайырлардың қатнасыўында шайырдың естелигине гүл шеңберлер қойылып, ҳүрмет көрсетилди. Сондай-ақ, мектебимизде шайыр дөретиўшилигине арналған таңлаўлар, әдебий кешелер ҳәм «Зәкаўат» интеллектуаллық ойынлары шөлкемлестирилди.   Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасындағы Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлигине қараслы барлық мектеп оқыўшылары арасында «Дәўир самаллары» атамасындағы онлайн дөретиўшилик таңлаўы ҳәм «Бүлбүл ҳаўазы» атамасындағы онлайн көркемлеп оқыў таңлаўы, «Поэма – шеъриятнинг юраги» атамасында онлайн таңлаўлар өткерилди.  Таңлаўларға қатнасқан оқыўшылар арасында жаңа талантлар, шайыр атамыздың мүнәсип избасарлары көпшиликти қурайтуғыны анықланды. Олар қарақалпақ әдебиятының, көркем әдебияттың келешеги екенлигинен кеўлимиз толады. Алдағы ўақытларда да мектебимизден  Ибрайым Юсуповтың избасарлары көплеп жетилисип шығатуғынынан исенимимиз мол.

 

Сәўбетлескен Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги