Бүгин Японияның Кобе қаласында өткерилип атырған пара жеңил атлетика бойынша жәҳән чемпионаты өз жуўмағына жетеди.
Қуўанышлы тәрепи сонда, бүгинги беллесиўлерди сайланды командамыз ағзалары үлкен табыс пенен баслады. Атап айтқанда, ерлер арасында Ф37 класында диск ылақтырыў жарысында стартқа шыққан Қудратуллахон Маъруфхўжаев 54.11 метр нәтийже көрсетип, делегациямыз есабына және алтын медальды қосып қойды. Соның менен бирге, ол бул бағдарда Париж-2024 жазғы Паралимпия ойынларына да жолламаны қолға киргизиўге еристи. Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, Қудратуллахон Маъруфхўжаев буннан алдын да жәҳән чемпионатында ядро ылақтырыў бойынша 15.68 метр нәтийже көрсетип, чемпионлықты қолға киргизиўге миясар болған еди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги