Усы жыл 24-май күни Қанлыкөл ҳәм Шоманай районларында Қарақалпақстан Республикасы судларының басшылары тәрепинен көшпели қабыллаў өткерилди.

Онда баслы итибар пуқаралардың суд-ҳуқық тараўына байланыслы мүрәжатларын тыңлаў ҳәм унамлы шешиў арқалы, олардың әдил судлаўға болған исенимин беккемлеўге қаратылды. Қабыллаўда пуқаралар суд қарарларының орынланыўы, турақ жайды атына өткериў, алимент өндириў, пенсия тайынлаў, некеден ажыратыў, суд тәрепинен тайынланған жазаны жеңилирегине алмастырыў, салық, жер сыяқлы түрли мазмундағы жәми 39 мәселе менен суд басшыларына мүрәжат етти.

Ҳәр бир мүрәжат дыққат пенен тыңланды, себеби, судқа байланыслы мүрәжатлар мүддет ҳәм ўақыт талап ететуғын болғанлықтан сол күнниң өзинде шешилмеўи мүмкин, бирақ олар суд басшылары тәрепинен қатаң қадағалаўға алынды. Шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүрәжатлардың нызамлы шешим табыўы бойынша көрсетпелер ҳәм ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.

Ашық сәўбетлесиўлер даўамында пуқаралар суд басшыларынан өзлерин қызықтырған сораўларына ҳуқықый мәсләҳәтлер алды. Орынларда турақлы түрде өткерилип атырған көшпели қабыллаўлар халықтың ишине кириў арқалы олардың машқала ҳәм мүрәжатларын үйренген ҳалда тийисли уйымлар менен биргеликте шешиўдиң нәтийжели факторы сыпатындағы орны айрықша әҳмийетли.

Қарақалпақстан хабар агентилиги