Президент Шавкат Мирзиёев 25-июнь күни мәҳәллелердиң абаданлығын тәмийинлеў бойынша усыныслар презентациясы менен танысты.

Мәмлекетимизде барлық бағдарламалар мәҳәллелерде әмелге асырылмақта. Бул системаға үлкен ўәкилликлер ҳәм имканиятлар берилмекте. Олардағы абаданлық, орталық та соған жараса болыўы керек.

Бүгинги күнде елимизде 10 мыңға шамалас мәҳәлле бар. Соннан дерлик 3 мыңы көп қабатлы турақ жайлардан ибарат болып, оларға 821 басқарма сервис компаниясы хызмет көрсетпекте. Ҳәўли турақ жайлар жайласқан 6 мың 400 ден аслам мәҳәлледе болса абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары, тийкарынан, шембилик тийкарында исленеди.

Сол себепли бундай орынларда «Мәҳәлле сервис компаниясы»н шөлкемлестириў усыныс етилмекте. Оған бола, бул шөлкемлер мәҳәллелерди абаданластырыў менен шуғылланады, көшелер ҳәм салмалардың тазалығын тәмийинлейди, нәллер егип, тәрбиялайды. Шәртнама тийкарында коммуналлық тармақларды оңлаў, шығындыларды сортлаў ҳәм тасыў хызметлерин де көрсетеди.

Сервис компаниясы мәҳәлле пуқаралар жыйыны кеңесиниң қарары тийкарында потенциаллы исбилерменлер арасынан таңлап алынады. Абаданластырыў жумыслары мәҳәллениң буйыртпасы ҳәм қадағалаўы тийкарында әмелге асырылады. Сервис компаниялары хызметлерине төлемлер төлеў ушын мәкан пуқаралар жыйынларына ҳәр айда 20 миллион сумнан қаржы ажыратылады. Сондай-ақ, олар халыққа 20 дан аслам социаллық төлемли хызметлер көрсетиўи де мүмкин болады.

Улыўма етип айтқанда, бул система нәтийжесинде мәҳәллелерге пайыз киреди, адамларда азадалық ҳәм жуўапкершилик мәденияты күшейеди. Мәҳәлледе жасаўшы усталар ҳәм ўақытша жумыссыз инсанлардың бәнтлиги тәмийинленеди.

Презентацияда сервис компаниялары дәслеп тәжирийбе тәризинде 208 мәҳәлледе шөлкемлестирилиўи белгиленди. Бул тәжирийбениң нәтийжеси бойынша соңынан барлық мәҳәллелерде енгизиў усынысы билдирилди.

ӨзА