Президент Шавкат Мирзиёев 25-июнь күни шарўашылық тармақларын раўажландырыў бойынша усыныслардыӊ презентациясы менен танысты.

Халықтыӊ күнделикли пайдаланыўында гөш, мәйек, сүт ҳәм олардан таярланған өнимлер үлкен орын ийелейди. Соныӊ ушын қусшылық, қаракөлшилик ҳәм ешкишиликти раўажландырыў, азық-аўқат инфляциясын кемейтиў илажлары көрилмекте. Қалаберди, бул тараўларда халықты бәнт етиў ҳәм дәраматын арттырыў имканияты да көп.

Мысалы, 2023-жылы қусшылық тармағында 253 жойбар әмелге асырылып, бундай хожалықлардыӊ саны 1 мыӊ 300 ге жеткен, 4 мыӊ жаӊа жумыс орны ашылған. Келешектеги перспективалы жойбарлар ушын халықаралық шөлкем ҳәм банклерден 420 миллион доллар тартылмақта.

Презентацияда жуўапкерлер қусшылық тармағын раўажландырыў стратегиясы ҳәм быйылғы режелери бойынша мәлимлеме берди.

Атап айтқанда, быйыл қус гөшиниӊ көлеми 700 мыӊ тоннадан 800 мыӊ тоннаға, мәйек жетистириў 8,5 миллиард данадан 10 миллиард данаға жеткерилетуғыны айтылды.

Бул тармақтағы еӊ әҳмийетли мәселе – нәсил. Елимизде гөш бағдарындағы қустыӊ 1-тәртипли генетикасы жоқ, 2-тәртипли генетика болса Венгриядан алып келинбекте.

Дүнья базарында қус генетикасыныӊ 80 проценти АҚШ компаниясына туўра келеди. Соныӊ ушын олар менен биргеликте қусшылықта генетикалық технологияларды енгизиў ҳәм нәсилшилик хожалықларын шөлкемлестириў режелестирилген.

Сондай-ақ, қусшылықта кластер системасын енгизиў, таяр бизнес жойбарлар ислеп, исбилерменлерге бериў бойынша усыныслар додаланды.

Тараўдыӊ раўажланыўын қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша имканиятлар белгиленди. Оған бола, қусшылық кәрханалары 5 жылға жер салығынан азат етиледи. Қус гөши экспортына рухсат етиледи. Исбилерменлерге берилген 35 миллион доллар арзан ресурсты қайтарыў мүддети 3 жылға созылады.

Мәмлекетимиз басшысы азықлық-жем резервин кеӊейтиў ҳәм қусшылық хожалықларына орайластырылған тәртипте жеткериў бойынша да тапсырмалар берди.

Ҳәзирги күнде елимизде 39 қаракөлшилик хожалығы бар. Бухара ўәлаятындағы 2 миллион гектардан аслам жайлаўда 2 миллион бас қой бағылып атыр. Булар, әлбетте, жетерли емес.

Соныӊ ушын қаракөл қойын кооперация тийкарында шаӊарақларда бағыў усынысы билдирилди. Атап айтқанда, Қаракөл, Қараўылбазар, Ғиждуван, Пешку, Жандор, Алат районларында халыққа қойлар жеткерип берилип, жайлаў ҳәм қудықлар ажыратылады. Азықлыққа қолайлы өсимликлердиӊ майданлары кеӊейтиледи.

Усы сыяқлы илажлар арқалы қаракөл қойларын 6 миллион бастан 7 миллион басқа жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Мәмлекетимиз басшыныӊ Наманган ўәлаятына сапары даўамында ешкишиликти раўажландырыў бойынша тапсырма берилген еди. Усыған муўапық, Түркия ҳәм Россиядан нәсилли ешкилер алып келинип, нәсилли ешкишилик кластери шөлкемлестирилди.

Әне, усындай усылда, Монголия тәжирийбеси тийкарында Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Жиззақ, Наманган ҳәм Ташкент ўәлаятына 5 мыӊ бастан нәсилли ешки алып келип, көбейтиў зәрүрлиги айтылды. Бул еки жылда ешкилердиӊ санын 100 мыӊ бастан көбейтиў имканиятын береди.

Сондай-ақ, ешкишиликте де нәсилди жақсылаў, жүнди қайта ислеў арқалы кашемир ҳәм тивит өнимлерин жетистирип, экспортты жолға қойыў бойынша көрсетпелер берилди.

ӨзА