Тақыятас районындағы 1-санлы улыўма билим бериў мектебинде де  «Соңғы қоңыраў» илажы өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының биринши орынбасары Н.Ерлепесов қатнасты ҳәм Президентимиздиң питкериўши жасларға арналған байрам қутлықлаўын оқып еситтирип, оларды үлкен өмирге қәдем қойып атырғаны менен қызғын қутлықлады.

Быйылғы жылы райондағы 22 улыўма билим бериў мектеплеринде 11-классты тамамлап атырған 669 оқыўшы билим алған дәргайы менен хошласып, үлкен өмирге қәдем тасламақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги