Республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы, Қараөзек районындағы 31-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де  «Илим бахыт гилти» сүрени астында мектеп питкериўшилериниң «Соңғы қоңыраў» кешеси болып өтти.

Илажда район ҳәкиминиң биринши орынбасары Б. Аяпбергенов Президентимиздиң мектеп питкериўшилерине жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирип, өзиниң жақсы тилеклерин билдирди.

Буннан соң, районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлиминиң қәнигелери, ата-аналар сөзге шығып, мектеп питкериўшилерин оқыў жылының жуўмақланыўы менен қызғын қутлықлап, олардың жоқары оқыў орынларына кирип, елимизге керекли жетик қәнигелер болып жетилисиўин тиледи.

Илаж даўамында оқыў жылында мектеп муғаллимлери ҳәм оқыўшыларының жетискенликлери атап өтилип, питкериўшилер менен олардың ата-аналарына мектептиң «Ҳүрмет жарлық»лары менен «Миннетдаршылық хат»лары ҳәм мектеп жәмәәтине « III дәрежели заманагөй мектеп» дәрежеси сертификаты салтанатлы түрде тапсырылды.



Сондай-ақ, кешеде бир қатар мектеп питкериўшилери де шығып сөйлеп, 11 жыл даўамында билим берген өз устазлары ҳәм ата-аналарына терең миннетдаршылықларын билдирди

Соңынан мектепте «Соңғы қоңыраў» қағылып, оқыўшылар тәрепинен таярлаған концерт бағдарламасы илаж қатнасыўшыларына қойып берилди.

Мағлыўмат орнында айтатуғын болсақ,  2023-2024-оқыў жылында «Заманагөй мектеп»лерге қойылатуғын талаплар тийкарында, Қараөзек районы бойынша 9-25-санлы улыўма орта билим бериў мектеплери « II дәрежели заманагөй мектеп» ҳәм 3-5-13-31-санлы улыўма орта билим бериў мектеплери «III дәрежели заманагөй мектеп» дәрежелерин алыўға миясар болып, Қарақалпақстан Республикасында ең жақсы 100% нәтийже көрсеткен.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги