Бас прокуратура жанындағы департаменттиӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Ишки ислер министрлиги хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда  жеңилликли кредит алып бериўди ўәде еткен пуқара усланды.

Атап айтқанда,  пуқара Б.И. пуқара Б.У.ға жоқары лаўазымда ислеўши танысларының жәрдеминде 2 мың  АҚШ долларына Беруний районындағы коммерциялық банклердиң биринен 200 миллион сум жеңилликли кредит алып бериўди ўәде етеди. Буның ушын  8 миллион сумды алған ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланды.

Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги