Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Атқарыў комитетиниң партия шөлкемлери ҳәм депутатлық топарлардың өткен дәўирдеги жумысларының нәтийжелери ҳәм алдағы ўазыйпаларына бағышланған мәжилиси болып өтти.

Онда Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Атқарыў комитети ағзалары, партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси жуўаплы хызметкерлери, қалалық ҳәм районлық партия кеңеслериниң баслықлары қатнасты.

Мәжилисти Өзбекстан Халық демократиялық партиясының Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясы баслығы Х.Ешимбетов басқарып барды.

Атап өтилгениндей, өткен дәўир даўамында партияниң сайлаӯалды бағдарламасында алға қойылған мақсет ҳәм ӯазыйпаларды әмелге асырыӯға қаратылған бир қатар илажлар әмелге асырылды. Онда депутатлардың жүзеге келген машқалалы мәселелерди шешиўинде, пуқаралардың ҳуқық ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаўында, партия электораты ўәкиллериниң ойландырып атырған машқалаларының шешимин табыўда депутатлық қадағалаўын орнатыўында депутатлардың орны айрықша әҳмийетке ийе.

Партия шөлкемлери ҳәм депутатлық топарларының усы жылдың өткен 5 айы даўамында әмелге асырған жумысларының нәтийжелери, партияның уставы бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпаларының әмелий Ҳәрекет бағдарламасы ҳәм басқа мәнзилли режелерде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша алып барылған жумыслары сын көзқарастан талланып, партия кеңеслериниң көрсеткишлери бойынша мәлимлемелер тыңланды.

Соның менен бирге, өткен 5 ай даўамында жол қойылған кемшиликлер ҳәм алдағы режелери бойынша партияның бир қатар қалалық ҳәм районлық кеңеслери баслықлары есабат берди.

Партия кеңеслери ҳәм депутатлық топарлардың ағзалары тәрепинен алып барылған жумыслардың нәтийжеси талқыланып, жол қойылған кемшиликлерди сапластырыў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилди. Мәжилис күн тәртибиндеги мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилди ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги