Кеше футбол бойынша Германияда өткерилип атырған Европа чемпионатының «Д» ҳәм «С» топарларында жуўмақлаўшы 3-тур ойынлары болып өтти.
Олардың биринде быйылғы турнирде өзиниң әжайып ойынлары менен көпшиликти таң қалдырып киятырған Австрия Роналд Куман басшылығындағы Нидерландия сайланды командасына қарсы майданға түсти.
Ушырасыў оғда қызықлы ҳәм кескин беллесиўлерге бай болды ҳәм ойынның 6-минутында нидерландиялы Мален өз дәрўазасына күтилмегенде гол урып қойды.
Екинши таймда Нидерландия футболшысы Гакпо арадағы есапты теңлестириўге еристи. Бирақ, 59-минутта Шмид Австрияны және бир мәрте есапта алдыға алып шықты.
76-минутқа келип Мемфис Депай өз қарсыласлары дәрўазасына гол урып, голландиялы футбол жанкүйерлерин тынышландырған болса, 80-минутта Австрия сайланды командасы сәрдары Забицер ушырасыўдағы жеңис тобын урыўға миясар болды.
Ал, усы топардағы екинши ойында болса, Франция Польшаға қарсы ойнап, онда ушырасыў 1:1 есабы менен жуўмақланды.
Соны айтып өтиўимиз керек, ушырасыўдағы еки гол да пенальтиден урылды. Олардың бирин Килиан Мбаппе, биреўин Роберт Левандовски өз есабына жаздырып қойды.
Солай етип өткерилген 3 турдан соң Австрия сайланды командасы 6 упай топлап биринши орынды ийелеген болса, Франция 5 упай менен келеси басқыш мәселесин шешиўге еристи. Ал, Нидерландия сайланды командасы 4 упай менен келеси басқышқа шығыў имканиятын сақлап тур.
«С» топарында өткерилген Англия Словения ҳәм Дания Сербия ойынларында улыўма есап ашылмады.
Бул топарда Англия 5 упай менен биринши орынды ийелеген болса, бирдей упай топлаў ҳәм гол урыў көрсеткишлери бойынша бирдей нәтийжеге ийе Дания ҳәм Словения 3 упай 2-3-орынларды ийелеп тур.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы