Үлкемиз бийбаҳа байлықларға толы. Оны қәстерлеп сақлаў ҳәм келешекке жеткериў биз инсанлардың әдиўли миннетимиз болып есапланады. Жанлы тәбият суў менен тиришилик етеди. Суўсыз биз көп шығынларға ушыраўымыз мүмкин…

Министрлер Кабинетиниң 2008-2012-жылларда Өзбекстан Республикасында қоршаған орталықты қорғаў бойынша бағдарламасы ҳәм БМШ тың Өзбекстанда мың жыллық раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыў ҳәм Глобал  Экологиялық қоры жәрдеми  менен  Бадай тоғай мәмлекетлик қорықханасы базасында Министрлер Кабинетиниң 2011-жыл 26-августтағы қарары тийкарында Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты болып  шөлкемлестириледи. Яғный,  2019-жыл 20-март күнги Президент қарары тийкарында Бадай тоғайы Тоғай хожалығы қурамынан, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети қурамына өткериледи. Биосфера резерватының тийкарғы ўазыйпасы–ландшафтларды, тоғайлардағы өсимлик ҳәм ҳайўанатлар дүньясы түрлерин, тийкарынан сийрек ушырасатуғын ҳәм жоқ болып кетиў қәўипи астындағы түрлерин биосфера резерваты аймағына сай басқа тәбият объектлерин сақлап қалыў ҳәм қайта тиклеўден ибарат.

Әмиўдәрьяда кейинги 30 жылдан аслам ўақыт ишинде гидрологиялық суў режиминиң бузылыўы, дәрья суўы көлеминиң тез ўақыт ишинде қысқарыўы ақыбетинде тоғайлықларды тәбийийғый суў басыўы азайған. Көп жыллық қурғақшылық, суўсызлық нәтийжесинде тоғайлық жерлерде топырақ бетинде дуз қапламасының пайда болыўы нәтийжесинде шорланыўдың күшейиўи сыяқлы деградация жағдайлардың жүзеге келиўине алып келмекте. 2015-2023-жылларда Әмиўдәрьяда суў көлеминиң кемейиўи нәтийжесинде жүзеге келген суў жетиспеўшилиги жағдайы ҳәм “Саўқымжарған” каналынан суў келиўи улыўма тоқтаған. Тийкарғы тоғай дарақлары болған тораңғыл, жийде, жигилдик сыяқлы басқа да дарақлар суўсызлық ҳәм ҳәр түрли кеселликлер себебинен набыт болмақта.

Биосфера резерваты қатаң қорғалатуғын аймақ болып, улыўма майданы 68 717,8 гектарды қурайды. Биосфера резерватының тийкарғы ҳайўаны бул- Бухара суўыны (Cervus elaphus bactrianus L., 1 (EN))  есапланады. 2024-жылғы мониторинг жумыслары нәтийжесинде Өзбекстан Республикасының “Қызыл Китабы” на киргизилген Бухара суўынының популяциясы саны 1566 дан арттырғанлығы анықланған. Жүзеге келген суўсызлық себебинен бул түрдиң тийкарғы азықлығы ҳәм оның азлығы есабынан аймақтан тысқарыға шығып кетиў жағдайлары тез-тез ушыраспақта.

Ушырасып атырған жағдайды сапластырыў мақсетинде,  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 10-ноябрь күнги бийлигине тийкарланып  Төменги Әмиўдәрья  мәмлекетлик биосфера резерватының «Бадай тоғай» бөлими аймағындағы «Саўқымжарған» каналының 9.3 км узынлықтағы бөлегин «Қарақалпақсуўқурылысинвест» ДМК кәрханасы буйыртпашы шөлкеми тәрепинен  реконструкция ислери алып барылып, 2.8 км узынлықтағы бөлеги қазылып, 1 трансформатор, 2 насос пенен тәмийинленип, иске түсирилди.

2020-жылы 13-ноябрден баслап Қоңырат аймақлық темир жол узели (ЭЧ-9) “Саўқымжарған” каналының Әмиўдәрьядан суў алыў орнына жаңадан орнатылатуғын насос станциясына шекем 10 км. узынлықта электр узатқыш линиясын орнатыў ушын жойбар ислери басланып, 200 дана электр линиясының таяныш бағаналары  орнатылды ҳәм жақында жаңа насос иске түсип, орынларға суў жеткериле баслады.

Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерватындағы алып барылып атырған жумыслар менен танысыў ҳәм жаңа насостың қурып питерилиўин көриў мақсетинде жақында ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында пресс-тур шөлкемлестирилди. Илаж қатнасыўшылары дәслеп ол жерде шөлкемлестирилген музейде болып, үлкемизде ушырасатуғын ҳайўанатлар, қуслардың түрлери менен танысты. Соң тараў қәнигелери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында пресс-конференция болып өтти. Буннан соң қорықханада болып, ол жерде бағылып атырған Бухара суўынын көрип, олардың жағдайлары менен танысты.



-Бул жерде 43 жылдан берли ислеп атырман,- дейди биз бенен сәўбетте болған резерваттың  илимий хызметкери Халбай Мамутов.-    Бул жерге Бухара суўыны ең дәслеп 1976-жылы, соң 1978-жылы алып келинген. 1984-жылы 24 басқа жеткен еди, жабайы тәбиятқа қойып жиберилди.  Ең соңғы мәрте 1987-жылы март айында Тәжикстанға барып Бухара суўынын алып келиўге өзим қатнастым. Ҳәзирги ўақытта олардың саны 1500 ден аслам болды. Олардың шақы жетеўден зыят болмайды. Шақларының аўырлығы 10, 11 килограммдай болады. Жылына бир мәрте түлеп түсип, орнына жаңадан шақ өсип шығады.

Биосфера резерватында 419 өсимлик түрлери анықланған болса соның 72 си дәрилик өсимликлер. Биосфера резерваты аймағында 36 түрдеги сүт емизиўши, 246 түрдеги қуслар, 29 түрдеги жер баўырлаўшылар, 2 түрдеги суўда ҳәм қурғақлықта жасаўшы, 43 түрдеги балықлар топарына кириўши ҳайўанлар ушырасатуғыны анықланған. Усылардан 30 ҳайўанның түри Өзбекстан Республикасының “Қызыл Китабы”на, 18 түри Тәбиятты қорғаў Халықаралық шөлкеминиң “Қызыл Китабы”на  киргизилген. Бул жерде илимий жумыслар алып барыўы ушын илимпазларға имканиятлар жаратылған.

-Суў мәселеси жүдә қыйын болып турған еди. Мине жақында насостың қурылыўы менен тоғайға суў жиберилип, өсимликлердиң өсиўине тийкар жаратылып атыр. Насостың қурылыўына жәрдем бергенлиги ҳәм ҳайўанатлар дүньясын сақлап қалыўға ҳәрекет етилип атырғаны ушын елимиз басшыларына миннетдаршылығымыз шексиз,-дейди резерваттың директоры ўазыйпасын атқарыўшысы И.Абдухаликов.

Қәнигелердиң айтыўы бойынша бул жерде экотуризмди раўажландырыўға да итибар қаратылған. Туристлер журтымыздың жанлы тәбиятына қызыққанлығы себепли тез-тез келип турады. Ҳәзирги ўақытта музей ҳәм мәкеме ушын жаңадан имарат бой тиклемекте. Биз Әмиўдәрья бойында жағалап жайласқан Бадай тоғайдағы жанлы тәбиятты өз көзимиз бенен көрер екенбиз, үлкемиздиң тәбияты бийбаҳа байлыққа толы екенлиги менен мақтаныш еттик. Жаңадан қурылған насос себепли тоғайдың «өли түске» енген жерлерине жан енип атырғанлығының гүўасы болдық.  Бул келешекке деген үмитимизди және де арттырды.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги