Елимизде мектеплерде оқыў жылы жуўмақланып, «Соңғы қоңыраў» илажлары көтериңкилик пенен өткерилди. Әмиўдәрья районындағы 55-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де «Соңғы қоңыраў» илажы көтериңки руўхта өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар Басқармасы баслығы А.Бекмуратов қатнасып, Президентимиздиң ҳәм устазлардың исенимин ақлап,  елимиздиң раўажланыўы жолында үлес қосатуғын пидайы ҳәм мүнәсип перзентлер болып жетисиўине әўмет тиледи.



Өткен оқыў жылында райондағы улыўма билим бериў мектеплериниң  11-класын жәми 2763 оқыўшы питкермекте. Олардың 27 си алтын, 4 еўи гүмис медаль менен оқыў жылын жуўмақламақта.

Мектеп қушағынан үлкен өмирге қәдем таслап атырған питкериўшилердиң келешегине әўметлер тилеймиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги