Елликқала районындағы барлық 72 улыўма билим бериў мектебинде соӊғы қоӊыраў шалынды.

Район ҳәкими В.Ниязымбетов  өзи билим алған 10-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып, Президентимиздиӊ мектеп питкериўшилерине жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди. Быйылғы жылы районда билимлендириў тараўында әмелге асырылған кеӊ көлемли жумысларға тоқталып, үлкен өмирге жоллама алып атырған питкериўшилерге әўмет тиледи.

Илаж қатнасыўшыларына мектеп жәмәәти тәрепинен таярланған байрам бағдарламасы қойып берилди. Оқыў жылында жақсы нәтийжелерге ерискен муғаллимлер менен оқыўшыларға естелик саўғалары тапсырылды.

Соӊғы қоӊыраў шалынып, питкериўшилер ана мектеби менен хошласты.

Қарақалпақстан хабар агентилиги