Қырғыз Республикасы пайтахты Бишкек қаласында Орайлық Азия жетекши ҳаял-қызлары сөйлесиўиниң «Орайлық Азия мәмлекетлери экономикасында ҳаял-қызлардың роли: санлы, социаллық ҳәм экологиялық инновацияларды алға қойыў ушын жетекшилик» атамасындағы мәжилис болып өтти. Онда Сенаттың Баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы Өзбекстан делегациясы да қатнасты.

Конференцияда Орайлық Азия мәмлекетлери парламентлериниң ағзалары, БМШтың Орайлық Азия ушын превентив дипломатия бойынша регионаллық орайының баслығы, мәмлекетлик уйымлар, халықаралық ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер, бизнес ҳәм эксперт бирлеспелериниң ўәкиллери қатнасты.

2021-жылы Өзбекстанның басламасы менен шөлкемлестирилген бул структура региондағы жетекши ҳаял-қызлар арасында бирге ислесиўди беккемлеўде әҳмийетли платформа ўазыйпасын атқармақта.

2021-2023-жыллары Орайлық Азия жетекши ҳаял-қызлары сөйлесиўине Өзбекстан, Түркменстан ҳәм Қазақстан басшылық еткен.

Илажда «Креатив экономика: Орайлық Азияның инноватор ҳәм ойлап табыўшы ҳаял-қызлары – жаңа шешимлер», «Жасыл» экономика: Социаллық ҳәм экологиялық инновацияларды алға қойыўда ҳаял-қызлардың роли» ҳәм «Санлы экономика: Ҳаял-қызлар ҳәм санлы шешимлер» сыяқлы темалар көрип шығылды.

Бул бағдарларда регионаллық бирге ислесиў бойынша усыныслар қызғын додаланды. Мәмлекетлердеги унамлы тәжирийбелер менен ортақласты ҳәм биргеликте әмелге асырылатуғын илажлар бойынша келисип алынды.

Илаж жуўмағында қатнасыўшылар тәрепинен Қырғызстан басшылығы дәўиринде 2024-жылға мөлшерленген Орайлық Азия жетекши ҳаял-қызлар сөйлесиўи бойынша Ҳәрекетлер режеси тастыйықланды.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы