Перу пайтахты Лима қаласында аўыр атлетика бойынша жас өспиримлер арасында жәҳән чемпионаты болып өтпекте.
Онда Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да табыслы қатнаспақта.
Атап айтқанда, -81 кг салмақта беллесиўлерге кирискен Руслан Раҳматжонов штанганы тикке көтериўде 139 кг нәтийже менен гүмис, силкип көтериўде 172 кг нәтийже менен алтын ҳәм улыўма еки гүрес жуўмағы бойынша 311 кг нәтийже менен алтын медальды қолға киргизиўге миясар болды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги