Беруний районындағы 1-санлы улыўма билим бериў мектебинде “Соӊғы қоӊыраў” илажы болып өтти.

Онда район ҳәкими И.Хидиров шығып сөйлеп, Президентимиздиӊ мектеп питкериўшилерине жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди. Әлбетте, өзлериниӊ билим ҳәм қәбилетин Ўатанымызға садық перзент болыўдай мақсетлерге жумсаған сиздей жаслар-жаӊа Өзбекстанныӊ алтын фонды, бийбаҳа ғәзийнеси деп атап өтти.

2023-2024-оқыў жылын райондағы 71 мектепте 2 мыӊ 397 оқыўшы питкерип, үлкен өмирге жол алмақта. Олардан  64 оқыўшы алтын, 4 оқыўшы гүмис медалы менен питкермекте. Және бир қуўанышлы хабар, 10 оқыўшы пән олимпиадаларында жоқары орынларды ийелеген болса,  7 питкериўши мүддетинен алдын студент болды.

Беруний қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебиниӊ барлық  питкериўшилери халықаралық ҳәм миллий сертификатларға ийе болып, 3 питкериўши сырт еллердиӊ жоқары оқыў орынларыныӊ гранты есабынан оқыўға қабыл етилди.

“Соӊғы қоӊыраў” илажы райондағы барлық улыўма билим бериў мектеплеринде шөлкемлескенлик пенен өткерилди.

Қарақалпақстан хабар агентилиги