Хожели районы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 18-санлы мектепте «Соңғы қоңыраў»ға бағышланған салтанатлы кеше болып өтти.

Илажда район ҳәкими Ж.Ермашев Президентимиздиң питкериўшилерге жоллаған байрам қутлықлаўын оқып еситтирип, район аймағындағы ана мектеби менен хошласып атырған 1364 оқыўшыға ең жақсы тилеклерин  билдирди. Сондай-ақ,  мектепте жақсы нәтийжелерди қолға киргизген  бир қатар питкериўши оқыўшыларға ҳәм олардың ата-аналарына район ҳәкимлиги тәрепинен миннетдаршылық хатлары тапсырылды. Буннан соң, қатнасыўшыларға концерт бағдарламасы қойып берилди.

Мағлыўмат орнында атап өтетуғын болсақ, 2023-2024-оқыў жылы даўамында райондағы мектеплерди питкерип атырған жаслар арасында жәми 134 ул-қыз халықаралық сертификатларға ийе болды ҳәм 5 оқыўшы мүддетинен алдын жоқары оқыў орынларына кириўге еристи.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги