Бүгин Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясының гезектеги мәжилисинде бир қатар нызам жойбарлары көрип шығылды. Атап айтқанда, «Өзбекстан Республикасында  бәнтлик хызметлери жетилистирилиўи мүнәсәбети менен “Халықтың бәнтлиги ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары екинши оқылыўда көрип шығылды.

-Усы нызам жойбары менен жумыс излеп атырған шахслар тәрепинен мийнет уйымларына артықша ҳүжжетлер көрсетилиўиниң алдын алыў, шахсларды ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға кеңнен тартыў шәртлерин өзгертиў, жумыс бериўшиниң  бос (вакант) жумыс орынлары барлығы ҳаққындағы  мағлыўматларын электрон усылда жибериў шәртлерин белгилемекте,- деди депутат О. Мамирова.- Сондай-ақ, мийнет уйымлары тәрепинен бос жумыс орынларына жолламалар бериў тәртибин және де жетилистириў, бәнтликти  хошаметлеўши субсидиялар ҳәм ссуда ажыратыў механизмлерин  тәртипке салыўға қаратылған нормалар нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, баянатшы нызам жойбарын екинши оқылыўға таярлаў даўамында оған киргизилген өзгерис ҳәм қосымшалар ҳаққында да керекли мағлыўматлар берди, фракция ағзаларының берген усыныслары инабатқа алынғанын атап өтти.

Соңғы жыллары халықтың бәнтлиги мәселесинде мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў, тараўды санластырыў, ашықлықты тәмийинлеў, жасларды бос жумыс орынлары менен таныстырыў  бағдарында  системалы жумыслар әмелге асырылып келинбекте,- деди фракция ағзасы Раўшан Бегматов.—Бул жойбар менен жергиликли бәнтлик уйымларына бос жумыс орынларын көрсетиў  процесслерин әпиўайыластырыў, ғалаба түрде жумыстан босатылғанда олардың социаллық қорғалыўын күшейтиў, жергиликли бәнтлик уйымларына мүрәжат еткенде артықша ҳүжжетлерди талап етпеў сыяқлы бир қатар нормалар киргизилмекте. Оның қабыл етилиўи бәнтлик хызметлерин көрсетиўде пайда болатуғын түрли машқалаларды сапластырыў, бәнтликке көмеклесиў нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.

Мәжилисте нызам жойбары депутатлар тәрепинен қоллап-қуўатланды. Күн тәртибиндеги басқа мәселелерде көрилип,фракцияның тийисли қарары қабыл етилди.

                                                                                                              ӨзА