Хабарыңыз бар Мәмлекетлик кадастрлар палатасы тәрепинен 2024-жыл – Мәмлекетлик кадастрлар палатасында «Архив ҳүжжетлерин тәртип бойынша санластырыў ҳәм олардың есабын дурыс жүргизиўди жолға қойыў жылы» деп жәрияланған еди.

Сонлықтан да филиалларда сақланып атырған кадастр ҳүжжетлерин бағдарлама бойынша жүргизиў ҳәм номери бойынша тәртиплестириў жумыслары қызғын даўам етпекте.

– Өзбекстан бойынша «Үлгили архив» сыпатында таңлап алынған филиаллардың қатарында Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Әмиўдәрья районлық филиалы таңлап алынып, усы филиалдың архивине керекли заманагөй-мобиль стеллаж, сенсор датчиклер алынып, ол темир есик ҳәм басқа да зәрүрли техникалар менен үскенеленип ҳүжжетлер толық тәртиплестирилген еди,-дейди, Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының архив исин қадағалаў бас қәнигеси Наўрызбек Жүзмуратов.

Енди Нөкис қаласы филиалындағы архив бөлиминиң «Үлгили архив» жумыслары даўам етпекте. Нөкис қаласындағы жәми 89 521 кадастр ҳүжжети номери бойынша қайта тәртиплестирилип, қағаз ҳәм электрон форматта сақлаў ушын олар сканерден өткерилип программаға жүкленбекте.

Бул филиал да ҳүжжетлердиң зыянланбаўы ҳәм оларды ҳәр қандай қәўиплерден сақлаў ушын керекли барлық техника ҳәм үскенелер менен тәмийинленеди. Тийкарғы мақсет – айрықша жағдайлар, суў тасқынлары ҳәм басқа да ҳәдийселер жүз бергенде ҳүжжетлердиң қәўипсиз, узақ мүддетке сақланыўы, келешек әўладқа сапалы ҳалда жеткерип бериў болып есапланады. Сондай-ақ, номерлери бойынша тәртиплестириўде ҳүжжетлерди аңсат ҳәм тез табыў, соның менен бирге, электрон нусқаларының жыллар даўамында сақланыўы тәмийинленеди.

Буннан басқа, Тахтакөпир районы филиалында  9176 ҳәм Тақыятас районы филалында  17662 кадастр ҳүжжетти санластырыў хәм тәртиплестириў жумыслары алып барылмақта.

Бүгинги күнде республикамыз бойынша бар 460 812 кадастр ҳүжжетлеринен 90 870 ҳүжжет жаңа тәртип бойынша санластырылып, тәртипке салынбақта.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги