Усы жылдың 2-3-май күнлери пайтахтымыздағы Халықаралық конгресс орайында III Ташкент халықаралық инвестициялық форумы болып өтти.

Онда көплеген тараўлар бойынша презентациялар өткерилип, перспективалы жойбарлар бойынша өз-ара келисимлерге ерисилди.

Мине усындай келисимлерден бири  Өзбекстан, Саудия Арабстаны ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери мәмлекетлери арасында болып өтти.

Саудия Арабстаны тәрепиниң өтинишине бола, кеше болып өткен қол қойыў мәресиминде Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов қатнасты.

Онда Саудия Арабстанының «ACWA Power» компаниясы менен Қарақалпақстан Республикасы Қоңырат районында улыўма баҳасы 6,2 миллиард доллар, улыўма қуўатлылығы 5 000 МВт болған самал электр станциясы қурылысының мегажойбары бойынша «Электр энергиясын сатып алыў келисими»не қол қойылды.

Бул станция иске қосылғаннан кейин, жылына 17,5 миллиард киловатт саат электр энергиясының ислеп шығарылыўы ҳәм 5,3 миллиард метр куб тәбийғый газ резервиниң үнемлениўине имканият жаратылады ҳәм 7,4 миллион тонна зыянлы газлердиң атмосфераға шығарылыўының алды алынады.

Сондай-ақ, Бирлескен Араб Әмирликлериниң «Amea Power» компаниясы менен Қарақалпақстан Республикасы Қоңырат районында улыўма баҳасы 1,1 миллиард доллар, улыўма қуўатлылығы 1 000 МВт болған самал электр станциясының қурылыс жойбары бойынша «Электр энергиясын сатып алыў келисими»не қол қойылды.

Бул станция иске қосылыўы себепли жылына 3,5 миллиард киловатт саат электр энергиясы ислеп шығарылады ҳәм 1,060 миллиард метр куб тәбийғый газ резерви үнемленеди. 1,48 миллиард тонна зыянлы газлердиң атмосфераға шығарылыўының алды алынады, делинеди Энергетика министрлиги мәлимлеме хызметиниң хабарында.

Н.Зиёдуллаева таярлады, ӨзА