Өзбекстан сайланды командасы ағзасы, ЦСКА ярым қорғаўшысы  Аббосбек Файзуллаев футбол бойынша Россия Премьер лигасының «Жыл ашылыўы» номинациясын жеңип алды.

Футболшымыз бул номинацияда «Динамо» ярым қорғаўшысы Бителло ҳәм «Крылья Советов» ҳүжимшиси Никита Салтиковты артта қалдырыўға еристи.

Соны айтып өтиўимиз керек, 2023-жылдың жаз мәўсиминде «Пахтакор»дан «ЦСКА»ға өткен  Аббосбек Файзуллаев Премьер лигада 22 ойында майданға түсип, 4 гол урып, 11голға ассистентлик етиўге миясар болды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги