Усы жылдың 13-14-май күнлери Самарқанд қаласында «Ҳаял-қызлардың экономикалық, социаллық ҳәм сиясий ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиў мәселелерине регионаллық көзқарас» атамасында Азия хаял-қызлар форумы өткериледи, – деп жәрияланды Сенаттың рәсмий сайтында.

Форумды өткериў басламасы мәмлекетимиз Президенти тәрепинен БМШ Бас Ассмаблеясының 78-сессиясында регион мәмлекетлери жетекши ҳаял-қызларының дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыў, олардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў ҳәм экономикадағы қатнасыўын буннан былай да кеңейтиў бағдарында тәжирийбе алмасыў мақсетинде алға қойылған еди.

«БМШ – ҳаял-қызлар» структурасы менен биргеликте өткерилип атырған Форумда елиўге шамалас сырт мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасыўы күтилмекте.

Қатнасыўшы мәмлекетлер парламентлериниң ҳаял-қызлар ағзалары, ҳүкимет ағзалары, мәмлекетлик уйымлар ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери, исбилермен ҳаял-қызлар, сиясаттаныўшылар, жәмийетлик белсендилер, илимпазлар, экономика тармақлары ҳәм түрли тараў ўәкиллери 10 параллель сессия шеңберинде әҳмийетли темалар бойынша пикир алысады.

Атап айтқанда, ҳаял-қызлардың илим, билимлендириў ҳәм инновациялық жумыста қатнасыўы ҳәм санлы технологиялардан пайдаланыўы, ҳәзирги глобаллық экономикада ҳаял-қызлардың экономикалық имканиятларын кеңейтиў арқалы кәмбағаллықты азайтыў, исбилерменлик, жетекшилик ҳәм инновацияларға тартыў мәселелери додаланады.

Соның менен бирге, Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде ҳаял-қызлардың қатнасыў мәселеси көрип шығылады. Ҳаял-қызлардың экономикалық имканиятларын кеңейтиў, бизнес ҳәм жәмийетте олардың қатнасыўын хошаметлеўде парламентлердиң орны, гендерге қаратылған бюджетлестириў, қаржы имканиятларынан пайдаланыўда гендер айырмашылықты сапластырыў, ҳаял-қызлар ҳәм балаларға күш көрсетиўдиң барлық түрлерин сапластырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылады.

«Жасыл» экономиканы үгит-нәсиятлаў, климат өзгериўиниң региондағы гендер машқалаларға тәсири мәселесинде ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң алдынғы тәжирийбеси ҳәм инновациялық көзқараслар да көрип шығылады.

Форум жуўмағы бойынша Самарқанд декларациясының қабыл етилиўи нәзерде тутылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги