Ташкент халықаралық инвестициялық форумының жумысында қатнасқан Америка-Өзбекстан саўда палатасының баслығы Кэролин Лэмм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатына да барды.

К.Лэмм ханым Сенат баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев пенен ушырасты.

Сөйлесиў даўамында тәреплер бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары, соның ишинде, Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў мәселелерин додалады.

Экономиканың турақлы өсиўине жәрдемлесетуғын ири ҳәм киши инвесторларды тартыўға жәрдем беретуғын беккем ҳуқықый базаны жаратыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Ушырасыўда бизнестиң раўажланыўын хошаметлеў ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыў ушын нәтийжели жумыс алып баратуғын суд системасының зәрүр екени атап өтилди.

Тәреплер ҳуқықый турақлылық ҳәм исенимлилик инвестицияларды тартыўда әҳмийетли орын ийелетуғынын атап өтти.

Кэролин Лэммниң атап өтиўинше, Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар, соның ишинде, исбилерменлик жумысын раўажландырыў ҳәм сырт елли инвесторлар ушын кепиллерди күшейтиўге қаратылған реформалар сырт елли исбилерменлердиң мәмлекетимизге исенимин арттырып, оларда Өзбекстанда исбилерменлик пенен шуғылланыў нийетин оятпақта.

Сөйлесиў даўамында тәреплерди қызықтырған басқа мәселелер де додаланды.

Н.Абдураимова, ӨзА