Усы жылдың 3-май күни Ташкент қаласында еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша Өзбекстан – Қырғызстан ҳүкиметлераралық биргеликтеги комиссияның он биринши мәжилиси болып өтти.

Еки мәмлекет Бас министрлериниң басшылығында өткен мәжилисте кейинги жылларда мәмлекетлеримиз арасындағы дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланысларына тийкарланған көп тәреплемели бирге ислесиў ҳәм кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықлары жедел раўажланып атырғаны атап өтилди.

Мәмлекет Басшылары тәрепинен ҳүкиметлер алдындағы жақын жылларда өз-ара товар алмасыў көлемин 2 миллиард долларға жеткериў бойынша ўазыйпа қойылған.

Мәжилисте усы тапсырманы орынлаў ушын еле пайдаланылмаған үлкен потенциал бар екени, буның ушын импорттың орнын басатуғын экспортқа жарамлы өнимлер ислеп шығарыў бойынша тығыз бирге ислесиў, биргеликте жаңа жойбарлар ислеп шығыўды даўам еттириў, исбилермен топарлар арасындағы байланысларды кеңейтиў кереклиги билдирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги