Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев республикамыздағы бир қатар фермер хожалықлары басшылары менен ушырасты.
Ушырасыўда бүгингидей суў тамтарыслығы дәўиринде ағын суўдан ақылға уғрас, үнемлеп пайдаланыў, аўыл хожалығы егислик майданларында суўды аз талап етиўши егин түрлеринен өним алыўды көбейтиў, базарларды сапалы аўыл хожалығы өнимлери менен тәмийинлеў, егислик майданларында жаңа инновацияларды енгизиў мәселелери сөз етилди.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары климат өзгериўи ҳәм суў тамтарыслығы шараятында суў ресурсларынан мақсетке муўапық пайдаланыўға қаратылған илажларды әмелге асырыўға талап артып бармақта. Сонлықтан, суў ресурсларынан пайдаланыўдағы машқалалардан келип шығып, тараўда суўды үнемлеўши технологияларды кеңнен енгизиў бүгинги күнниң ең әҳмийетли мәселелеринен саналады. Өткен 2023-жылда барлық суў тәмийнаты аўыр болған аймақларды суў менен тәмийинлеў мақсетинде салы майданлары 32,6 мың гектарға қысқартылып, тек ғана 6,8 мың гектарға салы егилди. Соны атап өтиў керек, 2022-жылы 32,6 мың гектар майданда салы жетистириў ушын 810 млн. метр куб суў муғдары жумсалған болса, өткен 2023-жылда 6,8 мың гектарға 169 млн. метр куб суў жумсалып, жәми 641 млн. метр куб суў муғдарын үнемлеўге ерисилди. Бул үнемленген 641 млн. метр куб суў муғдары есабынан өткен жылы суў тәмийнаты аўыр болған 35 аўылда 30,2 мың гектардан артық болған майданларға суў жеткерип берилиўи тәмийинленди.
Алдын салы егилген майданларға кейин ала суўды аз талап ететуғын картошка, палыз, собықлы ҳәм майлы егинлер егилди. Мине, алып барылған усындай илажлар нәтийжесинде 2022-жылға салыстырғанда өткен 2023-жылы гүнжи экспорты көлеми 12,5 есеге, мәш экспорты 11,8 есеге өсти. Овощ ҳәм баў-бақша өнимлерин жетистириўде де жоқары дәрежеде өсим бақланды. Соны да атап өтиўимиз тийис, тараў қәнигелери тәрепинен ислеп шығылған есап-санақларға қарайтуғын болсақ, 1 гектарда салы жетистириў ушын 24,8 мың метр куб суў жумсалады ҳәм 5 тонна өним алынады. Орташа 1 кг салының баҳасы 8 мың сумнан есапланғанда жәми 40 миллион сум дәрамат алынады. Ал, 1 гектарда гүнжи жетистириў ушын тек ғана 1,6 мың куб метр суў жумсалады ҳәм 1 тонна өним алынады. Орташа 1 кг гүнжи 18 мың сумнан есапланғанда 18 миллион сум дәрамат алынады. Сонлықтан, биринши гезекте халықтың азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде салыны тәртип пенен жайластырып, ишки базарды гүриш өнимлери менен тәмийинлеўге имканиятларымыз жетерли. Бирақ, мәмлекетлик уйымлар тәрепинен әмелге асырылған жумысларға қарамастан ҳәм салы егиўди қысқартыўда нызамшылықта анық нормалар белгиленбегенлиги себепли айырым аўыл хожалығы кәрханалары ҳәм фермерлер тәрепинен өз басымшалық пенен режесиз салы жетистирилген. Жоқарыдағыларды есапқа алып, халқымыздың қыйтақ жерлерин ҳәм суўды аз талап етиўши егинлер жайластырылған аўыл хожалығы егислик майданларын суўғарыўдан артқан суўдан келип шығып, Қоңырат ҳәм Мойнақ районларында быйылғы жылдың зүрәәти ушын салы жетистириў режелестирилмекте. Бул бойынша Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен Аўыл хожалығы министрлигине ҳәм жуўапкерлерге Қоңырат ҳәм Мойнақ районларында салының ерте писер ҳәм өнимдарлы сортлары жайластырылыўын тәмийинлеп, күнлик салы егиси бойынша мағлыўматты киргизип барыў, салы егилген майданларды контурлар кесиминде мониторинг өткерип, 20-августқа шекем Министрлер Кеңесине тийисли жуўмақларды бериў ҳәм салы бөлистирилмеген майданларға аўыл хожалығы кәрханалары ҳәм фермер хожалықлары тәрепинен салы егилген жағдайда белгиленген тәртипте қатаң шаралар көриў бойынша тапсырма берилди. Соның менен бирге, Министрлер Кеңеси, прокуратура, ишки ислер уйымлары, агроинспекция, қала ҳәм районлардың ҳәкимлери менен биргеликте жоқарыда берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеўи керек екенлиги атап өтилди.
Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги