Кәрханаларда метан эмиссиялары 16 миллион метр кубқа қысқартылды

Мәмлекетимизде экологиялық турақлылықты тәмийинлеў әҳмийетли мәселе есапланады. Быйылғы жылдың “Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы” деп аталыўы да бул бағдардағы жумыслар көлемин кеңейтпекте.
Усы талаплардан келип шығып, «Өзбекнефтьгаз» АЖ Швейцарияның «Vema S.A.» компаниясы менен биргеликте «Метан эмиссияларын қысқартыў» жойбарын әмелге асырмақта.
Күни кеше компания ўәкиллери менен өткерилген ушырасыўда усы жойбар шеңберинде әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелери ҳәм келешектеги стратегиялық қәдемлер додаланды.
Жойбар нәтийжесинде жәмийет қарамағындағы өндирис кәрханаларында метан эмиссиялары 16 миллион метр кубқа қысқартылды. Бул 297 мың тонна SO2 эквивалентине тең болып, климат өзгериўине қарсы гүрестеги әҳмийетли жетискенликлерден бири болып есапланады. Сондай-ақ, жойбар климат өзгериўине қарсы ҳәрекетлерге үлкен үлес қосады.
«COP 26» саммитинде қабыл етилген «Global Methane Pledge» басламасына 2022-жылда Өзбекстан қосылғанын атап өтиў зәрүр. Бул баслама шеңбериндеги жумыс мәмлекеттиң Париж келисими бойынша миннетлемелерин ораынлаўға жәрдем береди.
Соның менен бирге, «Метан эмиссияларын қысқартыў» жойбары климаттың жақсыланыўы, энергияның сапасын үнемлеў ҳәм өндириске заманагөй технологияларды енгизиў арқалы экономиканы беккемлеўге хызмет етеди.
Ушырасыў жуўмағында келешекте әмелге асырылыўы зәрүр болған жаңа стратегиялық қәдемлер белгилеп алынды.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА