Санлы технологиялар министри Шерзад Шерматов Өзбекстан Республикасы Президентиниң экономиканы раўажландырыў, нәтийжели мәмлекетлик басқарыў ҳәм халықаралық бирге ислесиў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси С. Чакрабарти аппаратының юридикалық мәсләҳәтшиси Мари Анне Биркен менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыў алдында IT-Парк Өзбекстан жумысы бойынша таныстырыў өткерилип, Бирден-бир интегратор – UZINFOCOM жумысы менен таныстырылды.
Ушырасыў даўамында тәреплер реформалар бағдарын узақ мүддетке даўам еттириўдиң стратегиялық бағдарлары, мәмлекетте санластырыў тараўларында әмелге асырылып атырған жумыслар, тараўда кадрлар потециалын арттырыў мәмлекетте инвестиция орталығына байланыслы мәселелерди додалады.
Сондай-ақ, Өзбекстан Президенти тәрепинен мәмлекетти регионаллық IT хабқа айландырыў бойынша берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылып атырғанлығы айтып өтилди.
ӨзА