Байланыс тараўының ветераны, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген байланыс хызметкери Оразбай Таженовтың «Байланыс хызметине 100 жыл, Қарақалпақстан телевидениесине 60 жыл» атамасындағы мемуарлық шығармасы «Жети ықлым» баспасында жарық көрди.

Онда китап авторының балалығы, жаслығы, студентлик дәўиринен баслап ҳүрметли дем алысқа шығаман дегенге шекемги дәўирдеги ел-халқы ушын ислеген азаматлық хызметлери ҳаққында сөз етиледи. Оның мийнетсүйгишлиги, шаққанлығы арқасында көп ғана ийгиликли ислерди әмелге асырғанлығын китапта орын алған « Оймаўыттан басланған гүзар», « Үлкен өмирге жол», «Байланыс тарийхынан», «Сөз заманласлар ҳәм кәсиплеслерге», «Нөкис қаласындағы АМТС имаратының қурылысы», «Нөкис телеорайы тарийхы», «Қарақалпақстан Республикасында технологиялар тараўында әмелге асырылған жумыслар» атамасындағы темаларда толық сөз етилген. Сондай-ақ китапта О.Таженовтың заманласлары ҳәм кәсиплеслериниң де пикирлери орын алған.

Китап офсет усылында жоқары сапада басылып, автордың өмир жолынан фотосүўретлер де орын алған. Китап оқыўшылар тәрепинен жақсы күтип алынады деген үмиттемиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги